bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 24
1 Samuel 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 25 →
1
Даўыт сол жерден кетип, Эн-Гедий үлкесиндеги адам бара алмайтуғын жерлерде жасырынып жүрди.
2
Шаул филистлер менен болған урыстан қайтып келгенде, Даўыттың Эн-Гедий шөлинде жүргенинен хабар тапты.
3
Шаул Даўытты ҳәм оның адамларын «Таў ешкиси» жартаслығынан излеў ушын, пүткил Израилдан үш мың ағла әскер алып, жолға шықты.
4
Жол жийегинде қой қорасы болып, оның жанында бир үңгир бар еди. Шаул майданлаў ушын үңгирге кирди. Ал сол үңгирдиң ең түпкиринде Даўыт пенен оның адамлары отырған еди.
5
Адамлары Даўытқа: – Жаратқан Ийе саған: «Душпанларыңа қәлегениңди ислей алыўың ушын, оларды саған тәслим етемен», – деген еди. Мине, бүгин сол күн келди, – деди. Сонда Даўыт орнынан турып, билдирмей Шаулдың шапанының шалғайынан кесип алды.
6
Бирақ Даўыт кейин ала Шаулдың шалғайынан кесип алғаны ушын, өзин айыплы сезди.
7
Даўыт өз адамларына: – Тақсырыма, Жаратқан Ийениң майлаған адамына қол көтерип, оған бир нәрсе ислеўден Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! Себеби ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы, – деди.
8
Даўыт усы сөзлери менен адамларына тыйым салып, Шаулға қол тийгизиўге рухсат бермеди. Ал Шаул үңгирден шығып, жолға түсти.
9
Даўыт та Шаулдың изинше үңгирден шығып: – Тақсыр! – деп бақырды. Шаул артына қарағанда, Даўыт ет бетинен жерге жығылып, оған тәжим етти.
10
Соңынан ол Шаулға былай деди: – «Даўыт саған жаманлық қылажақ», – дегенлердиң сөзлерине неге қулақ саласыз?
11
Бүгин Жаратқан Ийениң сизди қолыма тутып бергенин көзиңиз бенен көрип турыпсыз. Базылар мениң сизди өлтириўимди қәлеген еди. Бирақ мениң сизге жаным ашып: «Тақсырыма қол тийгизбеймен, өйткени ол Жаратқан Ийениң майлаған адамы», – дедим.
12
Ҳәй әке, минекей, шапаныңыздың шалғайынан кесип алынған қолымдағы мына қыйындыға қараң! Мен сизиң шапаныңыздың шалғайынан кесип алдым, бирақ сизди өлтирмедим. Буннан кеўлимде жаманлықтың ҳәм зулымлықтың жоқ екенин билип алың. Мен сизге жаманлық қылмасам да, сиз мени өлтирмекши болып атырсыз.
13
Жаратқан Ийе арамызда төрелик етсин ҳәм мениң өшимди сизден Ол алсын. Бирақ мен сизге қол көтермеймен.
14
Ата-бабаларымыз: «Жаманлық жаман адамлардан шығады», – дегени сыяқлы, мен сизге қол көтермеймен.
15
Израил патшасы кимге қарсы шықты? Сиз кимди қуўдалап атырсыз? Өлген ийтти ямаса бир бүргени емес пе?
16
Жаратқан Ийе бизлерге қазылық етип, қай биримиздиң ҳақ екенимизди шешип берсин. Жаратқан Ийе даўымды қарап шықсын ҳәм мени жақлап, сизиң қолыңыздан қутқарсын.
17
Даўыт сөзин тамамлағанда, Шаул оған: – Даўыт, улым! Бул сениң даўысың ба? – деп сорады ҳәм өкирип жылай баслады.
18
Соңынан ол былай деди: – Сен маған қарағанда әдилирексең. Мен саған жаманлық ислесем де, сен маған жақсылық пенен жуўап бердиң.
19
Бүгин сен маған жақсы қатнаста екенлигиңди дәлилледиң. Жаратқан Ийе мени қолыңа тутып берсе де, мени өлтирмедиң.
20
Душпанын тутып алған қайсы бир адам оны аман жибереди? Бүгин маған ислеген жақсылығың ушын, Жаратқан Ийе саған жақсылық сыйласын!
21
Енди мен сениң сөзсиз патша болатуғыныңды билдим. Израил патшалығы сениң қолыңда беккем болады.
22
Енди меннен кейин урпақларымды жоқ қылмайтуғыныңды, әкемниң хожалығынан атымды өширмейтуғыныңды айтып, Жаратқан Ийе ҳақы ант иш.
23
Даўыт Шаулға ант берди. Соннан кейин, Шаул үйине қайтты, ал Даўыт ҳәм оның адамлары паналаған жерлерине кетти.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31