bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 18
1 Samuel 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 19 →
1
Шаул менен Даўыттың сөйлесиўи ақырына жеткенде, Шаулдың улы Ионатан Даўытты унатып, оны жанындай жақсы көрип қалды.
2
Сол күннен баслап, Шаул Даўытты жанында алып қалды. Оған әкесиниң үйине қайтыўға рухсат бермеди.
3
Ионатан Даўытты жанындай жақсы көргенликтен, оның менен дослық келисимин дүзди.
4
Ионатан үстиндеги шапанын шешип, оны Даўытқа берди. Буған қоса саўытын, қылышын, оқ жайын ҳәм белбеўин де берди.
5
Шаул Даўытты қай жерге жиберсе де, ол табысқа еристи. Сонлықтан Шаул оған әскерий адамлар үстинен жоқары лаўазымды берди. Бул пүткил халыққа ҳәм Шаулдың хызметшилерине унады.
6
Даўыт филист Голиятты өлтиргеннен соң, әскерлер үйлерине қайтып баратырғанда, Израилдың барлық қалаларынан келген ҳаяллар дәп ҳәм тарлы әсбапларды шертип, қуўанышлы қосықлар айтты ҳәм ойынға түсип, патша Шаулды күтип алыўға шықты.
7
Олар ойнап жүрип: «Шаул мыңлағанын, Ал Даўыт он мыңлағанын өлтирди», – деп қосық айтты.
8
Бул сөзлер Шаулға аўыр батты. Ол қатты ашыўланып: «Даўытқа он мың адам, ал маған тек мың адам берди. Енди оған тек патша болыў ғана жетпей тур!» – деп ойлады.
9
Солай етип, сол күннен баслап, Шаул Даўытқа қызғаныш пенен қарай баслады.
10
Ертеңине Қудай жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды. Шаул өз үйинде жинлене баслады. Даўыт бурынғыдай лира шертип отырды. Шаулдың қолында бир найза бар еди.
11
Шаул өзинше: «Даўытты урып, дийўалға қадап қояйын», – деп ойлап, қолындағы найзасын Даўытқа ылақтырып жиберди. Бирақ Даўыт еки ретте де қаймығып қалды.
12
Шаул Даўыттан қорқатуғын еди. Өйткени Жаратқан Ийе Даўыт пенен бирге болып, ал Шаулды тәрк еткен еди.
13
Сонлықтан Шаул Даўытты өзинен узақластырып, мыңбасы етип қойды. Даўыт әскерлерге басшылық етти.
14
Жаратқан Ийе оның менен бирге болғанлықтан, ол ҳәр бир исте табысқа еристи.
15
Даўыттың үлкен табысларын көргенде, Шаулдың қорқынышы және де артып барды.
16
Пүткил Израил ҳәм Яҳуда халқы Даўытты сүйетуғын еди. Себеби Даўыт олардың алдында жүрип, саўашқа шығатуғын еди.
17
Шаул Даўытқа: – Мынаў мениң үлкен қызым Мераб. Оны саған ҳаяллыққа беремен. Тек маған мәртлерше хызмет етип, Жаратқан Ийениң саўашларын алып бар, – деди. Себеби ол: «Даўыт мениң қолымнан емес, ал филистлердиң қолынан өлсин», – деп ойлайтуғын еди.
18
Даўыт Шаулға: – Патшаға күйеў бала болатуғындай, мениң өзим, үй-ишим ҳәм әкемниң тийреси Израилда ким болыпты? – деди.
19
Деген менен, Шаулдың қызы Мерабтың Даўытқа берилетуғын ўақты келгенде, қыз мехолалы Адриелге ҳаяллыққа берилди.
20
Сол арада Шаулдың басқа қызы Михал Даўытты сүйип қалды. Буны еситкенде, Шаул қуўанып кетти.
21
Ол: «Даўытқа Михалды беремен. Солай етип, Михал ол ушын дузақ болады. Ал филистлер оны өлтиреди», – деп ойлады. Шаул Даўытқа: – Ҳәзир маған күйеў бала болыўың ушын және бир мүмкиншилигиң бар, – деди.
22
Соңынан хызметшилерине: «Патшаның сеннен кеўли тоқ, ҳәмме хызметшилери де сени жақсы көреди. Оған күйеў бала болатуғын ўақтың келди», – деп Даўытқа жасырынша айтыўды буйырды.
23
Шаулдың хызметшилери бул сөзлерди Даўытқа жеткизди. Даўыт оларға: – Мендей кәмбағал ҳәм әпиўайы адам ушын патшаға күйеў бала болыў аңсат деп ойлайсызлар ма? – деди.
24
Хызметшилер Даўыттың айтқанларын Шаулға жеткизди.
25
Сонда Шаул Даўытқа былай деп айтыўды буйырды: «Патша өз душпанларынан өш алыў ушын, қалың мал ретинде жүз филисттиң сүннет терисинен басқа ҳеш нәрсени қәлемейди». Шаул Даўыттың филистлердиң қолына түсип өлиўин режелестирген еди.
26
Хызметшилер Шаулдың айтқанларын Даўытқа жеткизди. Даўыт патшаға күйеў бала болыўды мақул көрди. Белгиленген күн болмастан алдын,
27
Даўыт ҳәм оның адамлары барып, еки жүз филистти өлтирди. Патшаға күйеў бала болыў ушын, Даўыт өлтирилген филистлердиң сүннет терилериниң бирде биреўин қалдырмастан патшаға әкелип берди. Сонда Шаул қызы Михалды Даўытқа ҳаяллыққа берди.
28
Шаул Жаратқан Ийениң Даўыт пенен бирге екенин ҳәм қызы Михалдың оны сүйетуғынын анық билди.
29
Сол себептен Шаул Даўыттан және де қаттырақ қорқты ҳәм өмириниң ақырына шекем оған душпан болып қалды.
30
Филист әскербасылары урысқа шығыўын даўам етти. Ҳәр урыста Даўыт Шаулдың басқа әскербасыларына қарағанда көбирек табысқа ерисетуғын еди. Сонлықтан Даўыт үлкен даңққа бөленди.
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31