bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 9
1 Samuel 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 10 →
1
Бенямин урыўынан Киш деген абырайлы бир адам бар еди. Ол Абиелдиң улы, Серордың ақлығы, Бехораттың шаўлығы, Афиахтың қуўлығы еди.
2
Киштиң жас ҳәм сымбатлы Шаул атлы бир улы бар еди. Израил халқы арасында оннан асқан сымбатлы адам жоқ еди. Ҳәр қандай адамның бойы оның ийнине келетуғын еди.
3
Бир күни Шаулдың әкеси Киштиң ешеклери жойтылып кетти. Сонда Киш улы Шаулға: – Хызметшилерден биреўин жаныңа алып, ешеклерди изле, – деди.
4
Шаул Эфрайымның таўлы үлкесин ҳәм Шалиша жерлерин айланып шықты. Бирақ ешеклерди таба алмады. Олар Шаалим үлкесине барды, бирақ ешеклер ол жерде де жоқ болып шықты. Соңынан олар Бенямин жерине барды, бирақ ешеклерди ол жерден де таба алмады.
5
Олар Суф жерине жеткенде, Шаул жанындағы хызметшисине: – Жүр, қайта қояйық. Болмаса, әкем ешеклерди қойып, бизлерди қайғыра баслар, – деди.
6
Бирақ хызметши оған: – Қара, мына қалада Қудайдың адамы турады. Ол абырайлы адам болып, оның айтқанларының бәри орынланады. Ҳәзир сол жерге барайық. Бәлким, ол бизлерге жол көрсетер, – деди.
7
Шаул оннан: – Егер барсақ, оған не апарамыз? Дорбамыздағы нанымыз да таўысылды. Қудайдың адамына беретуғын ҳеш қандай саўғамыз жоқ. Немиз қалды? – деп сорады.
8
Хызметши Шаулға және: – Мине, менде шерек шекел гүмис бар. Ол бизлерге баратуғын жолымызды көрсетиўи ушын, мен оны Қудайдың адамына беремен, – деп жуўап берди.
9
Бурын Израилда бир адам Қудайдан бир нәрсе сорамақшы болғанда: «Жүриң, көзи ашыққа барайық», – дейтуғын болған. Себеби ҳәзир пайғамбар деп аталатуғын адамларды бурын «көзи ашықлар» деп атаған.
10
Шаул хызметшисине: – Яқшы, барайық, – деди. Солай етип, олар Қудайдың адамы жасайтуғын қалаға қарай кетти.
11
Олар қалаға қарай көтерилип баратырғанда, суў алыўға шыққан қызларды ушыратып, олардан: – Көзи ашық усы жерде ме? – деп сорады.
12
Қызлар оларға былай деп жуўап берди: – Аўа, ол сизлердиң алдыңызда кетип баратыр. Асығыңлар, ол қаламызға бүгин келди. Себеби халық бүгин сыйыныў орында қурбанлық бережақ.
13
Қалаға кириўиңизден-ақ, аўқатланыў ушын сыйыныў орынға шықпасынан бурын оны таўып аласыз. Ол барып, қурбанлықты мухаддеслемегенше, халық аўқат жемейди. Шақырылғанлар ол келгеннен соң жеўди баслайды. Ҳәзир барсаңыз, оны дәрҳал таўып аласыз.
14
Шаул ҳәм оның хызметшиси қалаға кетти. Олар қалаға киргенде, сыйыныў орнына баратырған Самуел олардың қарсы алдынан шықты.
15
Шаул келмесинен бир күн алдын, Жаратқан Ийе Самуелге аян берип:
16
«Ертең усы ўақытта саған Бенямин жеринен бир адамды жиберемен. Оны майлап, халқым Израилға ҳүкимдар етип қой. Ол халқымды филистлер қолынан қутқарады. Мен халқымның аўҳалын көрдим. Өйткени олардың дады Маған жетип келди», – деген еди.
17
Самуел Шаулды көргенде, Жаратқан Ийе Самуелге: «Саған айтқан адамым усы болады. Халқыма ол ҳүкимдарлық етеди», – деди.
18
Шаул қала дәрўазасында Самуелди ушыратып, оннан: – Көзи ашықтың үйи қай жерде, айтып жибересиз бе? – деп сорады.
19
Самуел оған былай деп жуўап берди: – Көзи ашық мен боламан. Мениң алдымда жүрип, сыйыныў орнына көтерил. Бүгин мениң менен бирге аўқатланасаң. Ал азанда жүрегиңдегиниң бәрин өзиңе айтып берип, үйиңе қайтараман.
20
Үш күн алдын жойтылған ешеклериңди қайғырма, олар табылды. Израилдың пүткил үмити кимнен? Сеннен ҳәм әкеңниң хожалығынан емес пе?
21
Шаул Самуелге: – Мен Израил урыўлары ишиндеги ең кишкенеси болған Бенямин урыўынан емеспен бе? Мен тийисли болған тийре де Бенямин урыўындағы барлық тийрелердиң ең кишкенеси емес пе? Маған не ушын бул сөзлерди айтып турыпсыз? – деди.
22
Самуел Шаулды ҳәм оның хызметшисин сыйыныў орнының аўқатланыў бөлмесиндеги шақырылған отыздай қонақтың үстине алып барып, ең төрге отырғызды.
23
Соңынан аспазға: – Мениң саған бөлек алып қой деп берген гөшимди алып кел, – деди.
24
Аспаз санның гөшин әкелип, Шаулдың алдына қойды. Самуел Шаулға: – Бул сениң пайың. Мәрҳәмат, же! Себеби буны белгиленген күни мен шақырған халық пенен бирге жеўиң ушын сақлап қойған едим, – деди. Сол күни Шаул Самуел менен бирге аўқатланды.
25
Олар сыйыныў орнынан қалаға түскеннен кейин, Самуел үйиниң төбесинде Шаул менен сөйлесип отырды.
26
Таң азанда Самуел үйдиң төбесинде жатырған Шаулды шақырып: – Таярлан, сени жолға шығарып салайын, – деди. Шаул орнынан турып, Самуел менен бирге сыртқа шықты.
27
Олар қала шетине жеткенде, Самуел Шаулға: – Хызметшиңе айт, алдымызға түсип жүре берсин, – деди. Хызметши алдыға жүрип кеткеннен кейин, Самуел Шаулға: – Бирақ сен тоқтап тур, мен саған Қудайдың сөзлерин билдирейин, – деди.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31