bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 19
1 Samuel 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 20 →
1
Шаул улы Ионатанға ҳәм барлық хызметшилерине Даўытты өлтириўди буйырды. Бирақ Шаулдың улы Ионатан Даўытты жүдә жақсы көретуғын еди.
2
Ол Даўытқа хабар жиберип: «Әкем Шаул сени өлтирмекши. Ертең азанда сақ бол. Бир жерге жасырынып, сол жерде отыр.
3
Ал мен сен жасырынған атызға барып, әкемниң жанында тураман ҳәм оның менен сен туўралы сөйлесемен. Бир нәрсе билсем, саған айтаман», – деди.
4
Ионатан әкеси Шаулға Даўытты мақтап былай деди: – Патшам, өз қулың Даўытқа қарсы гүна ислеме. Себеби ол саған қарсы ҳеш қандай гүна ислемеди ҳәм ҳәр бир иси арқалы саған үлкен пайда келтирди.
5
Ол жанын қәўип астына қойып, филистти өлтирди. Жаратқан Ийе пүткил Израилды жеңиске еристирди. Сен де буны көрип қуўандың. Солай екен, неге Даўытты себепсиз өлтирип, жазықсыз бир адамға наҳақлық ислеп атырсаң?
6
Шаул Ионатанның сөзлерине қулақ салып: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, Даўыт өлтирилмейди, – деди.
7
Ионатан Даўытты шақырып, оған ҳәммесин айтып берди. Соңынан Даўытты Шаулдың қасына алып келди. Даўыт та алдынғыдай патшаның хызметине кирди.
8
Саўаш және ҳәўиж алды. Даўыт филистлерге қарсы урысқа шығып, оларға күшли соққы берди. Филистлер Даўыттың алдына түсип қашты.
9
Бир күни Шаул найзасын қолына алып, үйинде отырған еди. Даўыт та лира шертип отырған еди. Сол ўақытта Жаратқан Ийе жиберген жаман руўх Шаулды бийлеп алды.
10
Шаул найзасы менен Даўытты дийўалға қадамақшы болды. Бирақ Даўыт және қашып қалып, Шаулдың найзасы дийўалға қадалды. Сол түни Даўыт қашып қутылды.
11
Даўытты гүзетип, ертеңине азанда өлтириў ушын, Шаул Даўыттың үйине хызметшилерин жиберди. Бирақ ҳаялы Михал Даўытқа: – Егер бүгин түнде қашып қутылмасаң, азанда сени өлтиреди, – деди.
12
Соңынан ол Даўытты терезеден төменге түсирип жиберди. Солай етип, Даўыт қашып қутылды.
13
Михал бут мүсинин алып, оны төсекке жатқызды да, үстине көрпе жапты. Ал бас бетине ешки жүнинен исленген көпшик қойды.
14
Шаул жиберген хызметшилер Даўытты тутып алып кетиўге келгенде, Михал оларға: – Даўыт аўырып атыр, – деди.
15
Даўытты көрип келиў ушын Шаул хызметшилерин және жиберип атырып: «Оны төсеги менен усы жерге алып келиңлер, өлтирейин», – деп буйырды.
16
Шаулдың хызметшилери үйге киргенде, төсекте басына ешки жүнинен көпшик қойылған мүсинниң жатырғанын көрди.
17
Шаул Михалдан: – Неге мени алдап, душпанымды қашырып жибердиң? – деп сорады. Михал оған: – Даўыт маған: «Егер мени босатып жибермесең, өзиңди өлтиремен», – деди, – деп жуўап берди.
18
Қашып қутылған Даўыт Рамада жасап атырған Самуелге барды ҳәм Шаулдың өзине ислеген барлық ислери туўралы айтып берди. Соңынан Даўыт Самуел менен бирге Найотқа барып, сол жерде қалды.
19
Даўыттың Раманың Найот деген жеринде екенлиги ҳаққында хабар Шаулға жетип барды.
20
Сонда Шаул Даўытты услап келиў ушын хызметшилерин сол жерге жиберди. Олар Самуелдиң басшылығындағы бир пайғамбарлар топарының өзгеше аўҳалға түсип жүргенин көрди. Сол ўақытта Қудайдың Руўхы Шаулдың хызметшилерине де түсип, олар да өзгеше аўҳалға түсип қалды.
21
Шаул болып өткен ўақыяны еситкенде, басқа хызметшилерди жиберди. Олар да өзгеше аўҳалға түсти. Шаулдың үшинши рет жиберген хызметшилери де өзгеше аўҳалға түсти.
22
Ақыры Шаулдың өзи Рама қаласына қарай жолға шықты. Ол Сехудағы үлкен суў сақлағышқа жеткенде: – Самуел менен Даўыт қай жерде? – деп сорады. Бир адам оған: – Раманың Найот деген жеринде, – деп жуўап берди.
23
Шаул Рамадағы Найотқа баратырғанда, оған да Қудайдың Руўхы түсти. Ол Найотқа барғанша, жол бойы өзгеше аўҳалда болды.
24
Шаул кийимлерин шешип таслады ҳәм Самуелдиң алдында өзгеше аўҳалға түсип қалып, пүткил күни ҳәм түни бойы жалаңаш жатты. Сонлықтан да, халықтың: «Шаул да пайғамбарлар арасында ма?» – деген сөзи усыннан қалған.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31