bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 27
1 Samuel 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 28 →
1
Даўыт ишинен: «Бир күни Шаулдың қолынан өлип кетермен. Жақсысы, тезирек филистлердиң жерине қашып кетейин. Сонда Шаул Израилдың ҳәр жеринен мени излегенди қояр, мен де оннан қутыларман», – деп ойлады.
2
Усылайынша Даўыт ҳәм оның жанындағы алты жүз адам жолға шығып, Гат патшасы Маох улы Ахиштиң тәрепине өтип кетти.
3
Олар хожалығындағылар менен бирге Гат қаласына, Ахиштиң жанына орналасты. Даўыттың еки ҳаялы: изреелли Ахиноам ҳәм кармелли Набалдың жесири Абигайыл да оның жанында еди.
4
Шаул Даўыттың Гатқа қашып кеткенин еситкенде, енди оны излеўден ўаз кешти.
5
Даўыт Ахишке: – Егер мақул көрсеңиз, әтираптағы қалалардың биринен маған бир жер берилсин, мен сол жерде жасайын. Себеби қулыңыз болған маған сизиң қасыңызда, патшаның қаласында жасаўдың неге кереги бар? – деди.
6
Ахиш сол күни Даўытқа Сиклаг қаласын берди. Сол себептен Сиклаг ҳәзирге дейин Яҳуда патшаларына тийисли қала болып қалды.
7
Даўыт филистлер елинде бир жыл төрт ай жасады.
8
Сол ўақыт ишинде Даўыт ҳәм оның адамлары гешур, гизер ҳәм амалек халықларына шабыўыл жасады. Бул халықлар узақ ўақытлардан бери Шурға, ҳәтте, Мысырға шекем созылған жерлерде жасайтуғын еди.
9
Даўыт қай жерге шабыўыл жасаса да, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмай, тек олардың қойларын, өгизлерин, ешеклерин, түйелерин ҳәм кийим-кеншеклерин алып, патша Ахишке қайтып келетуғын еди.
10
Егер Ахиш Даўыттан: «Бүгин қай жерлерге шабыўыл жасадыңыз?» – деп сораса, Даўыт оған: «Яҳуданың қубла тәрепине, Ерахмеел тийресиниң ҳәм кенлердиң қубла тәрепине шабыўыл жасадық», – деп жуўап беретуғын еди.
11
Даўыт ҳеш бир адамның Гатқа келип: «Даўыт олай иследи ямаса Даўыт булай иследи», – деп айтпаўы ушын, еркекти де, ҳаялды да, ҳеш кимди тири қалдырмайтуғын еди. Даўыт филистлердиң елинде жасаған ўақтының ҳәммесинде усылай иследи.
12
Ахиш Даўытқа исенип: «Даўыт өз халқы болған израиллыларға жек көринишли болды. Буннан былай, ол мәңгиге мениң хызметимде болады», – деп ойлады.
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 28 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31