bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
1 Samuel 16
1 Samuel 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 17 →
1
Жаратқан Ийе Самуелге: – Шаулдың Израилға патша болыўынан Мени бас тартты деп, қашанға шекем ол ушын қайғырып жүресең? Май қуятуғын шақыңды зәйтүн майына толтырып жолға шық. Сени бейтлеҳемли Ишайдың үйине жиберемен. Себеби Мен оның улларының бирин патша етиў ушын таңлап алдым, – деди.
2
Самуел: – Қалай бараман? Шаул буны еситсе, мени өлтиреди-ғо, – деди. Сонда Жаратқан Ийе былай деди: – Өзиң менен бирге бир қашарды ал да: «Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим», – деп айт.
3
Ишайды қурбанлық асына мирәт ет. Сонда Мен саған не ислеўиң кереклигин билдиремен. Саған көрсеткен адамымды майлап, Мениң ушын патша етип қоясаң.
4
Самуел Жаратқан Ийениң айтқанын орынлап, Бейтлеҳем қаласына барды. Қала ақсақаллары оны қорқыныш пенен күтип алып: – Тынышлық па? – деп сорады.
5
Самуел оларға: – Аўа, тынышлық. Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын келдим. Өзлериңизди пәклеп, мениң менен бирге қурбанлық асына жүриңлер, – деди. Соңынан ол Ишайды ҳәм оның улларын пәклеў рәсиминен өткерип, қурбанлық асына мирәт етти.
6
Ишай ҳәм оның уллары келгенде, Самуел Элиабты көрип: «Ҳақыйқаттан да, Жаратқан Ийениң алдында турған мына адам – Оның майлағаны», – деп ойлады.
7
Бирақ Жаратқан Ийе Самуелге: «Оның шырайына, бойының узынлығына қарама. Себеби Мен оны мақул көрмедим. Мен адамлар сыяқлы қарамайман. Адам сыртқы көринисине қарайды, ал Мен жүрекке қарайман», – деди.
8
Ишай улы Абинадабты шақырып, Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
9
Кейин Ишай үшинши улын, Шамманы алып келди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе буны да таңламады», – деди.
10
Солай етип, Ишай өзиниң жети улын да Самуелдиң алдынан өткерди. Бирақ Самуел: «Жаратқан Ийе булардың ҳеш бирин де таңлап алмады», – деди.
11
Соңынан Самуел Ишайдан: – Булар улларыңның ҳәммеси ме? – деп сорады. Ишай оған: – Ең кишкенеси бар. Ол қой бағып жүр, – деп жуўап берди. Самуел Ишайға: – Биреўди жиберип, оны шақырт. Ол келмегенше, аўқатқа отырмаймыз, – деди.
12
Ишай биреўди жиберип, улын алдыртты. Ол қызыл жүзли, сымбатлы болып, көзлери жанып турған еди. Жаратқан Ийе Самуелге: «Орныңнан турып, оны майла. Таңлаған адамым усы болады», – деди.
13
Самуел зәйтүн майы қуйылған шақты алып, ағаларының көз алдында жигиттиң басына май қуйды. Усы күннен баслап, Жаратқан Ийениң Руўхы Даўытты бийлеп алды. Соңынан Самуел Рамаға қайтып кетти.
14
Сол арада Жаратқан Ийениң Руўхы Шаулды тәрк етти. Жаратқан Ийе жиберген жаман бир руўх оны қыйнайтуғын еди.
15
Хызметшилери Шаулға: – Қараң, Қудай жиберген жаман руўх сизди қыйнап атыр.
16
Тақсыр, хызметшилериңиз болған бизлерге буйрық бериң. Бизлер лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып келейик. Сонда Қудай жиберген жаман руўх сизге келгенде, ол адам лира шертеди ҳәм сиз жеңил тартасыз, – деди.
17
Шаул хызметшилерине: – Яқшы, лираны жақсы шертетуғын биреўди таўып, маған алып келиңлер, – деп буйырды.
18
Сонда хызметшилерден бири: – Бейтлеҳемли Ишайдың улларының бирин көрген едим. Ол лираны жақсы шертеди екен. Буның үстине, ол батыр жигит ҳәм жаўынгер адам екен. Оның сөзлери мәнили, қәдди-қәўмети де келискен. Жаратқан Ийе де оның менен бирге, – деди.
19
Шаул Ишайға: «Қой бағып жүрген улың Даўытты маған жибер», – деп хабаршылар жөнетти.
20
Ишай бир ешекке нан, бир мес шарап ҳәм бир ылақты артып, Даўыт пенен қоса Шаулға жиберди.
21
Даўыт Шаулға барып, оның хызметине кирди. Шаул Даўытты жүдә жақсы көрди ҳәм оны өзине нөкер етип алды.
22
Шаул Ишайға: «Даўыттың хызметимде қалыўына рухсат бер. Оған кеўлим толды», – деген хабар жиберди.
23
Сол күннен баслап, Қудай жиберген жаман руўх Шаулға келгенде, Даўыт лира шертетуғын еди. Сонда Шаул өзине келип жақсы болатуғын, жаман руўх та оны тәрк ететуғын еди.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31