bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 12
Revelation 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 13 →
1
Аспанда бир уллы кәраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял көринди.
2
Ҳаял ҳәмиледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди.
3
Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди.
4
Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды.
5
Ҳаял ул туўды. Барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқаратуғын бул бала дәрҳал Қудайдың алдына, Қудайдың тахтына алып келинди.
6
Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди.
7
Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да,
8
күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды.
9
Әзәзүл ямаса шайтан деп аталған үлкен айдарҳа, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан өз периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.
10
Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети ҳәм патшалығы келди, Оның Масийхының ҳүкимдарлығы орнады. Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни, Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11
Туўысқанларымыз Қозының қаны менен, Және өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды.
12
Сонлықтан аспан ҳәм онда жасаўшылар, шадланыңлар! Ал жер ҳәм теңиз, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби шайтан үстиңизге түсти. Ол өз ўақтының аз қалғанын билип, ғәзепке толған».
13
Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти.
14
Жыланнан қашып, шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, ҳаялға үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде бир мүддет, еки мүддет ҳәм ярым мүддет даўамында бағылыўы лазым еди.
15
Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды.
16
Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти.
17
Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаның гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22