bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 6
Revelation 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 7 →
1
Соңынан мен Қозының бекитилген жети мөрдиң бириншисин бузып ашқанын көрдим. Сонда төрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим.
2
Қарасам, бир ақ ат тур екен. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды.
3
Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим.
4
Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5
Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Қарасам, бир қара ат тур екен. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди.
6
Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим.
7
Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим.
8
Қарасам, бир ақшыл сур ат тур екен. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен өлилер мәканы ерип киятырған еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди.
9
Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим.
10
Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашанға дейин жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш алмаўыңды даўам етесең?»
11
Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12
Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған аза кийимдей, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти.
13
Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан писпей атырып төгилген мийўелер сыяқлы жерге түсти.
14
Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди.
15
Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды.
16
Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахттың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң!
17
Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22