bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 13
Revelation 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 14 →
1
Айдарҳа теңиз жағасында турып алды. Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын көрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Қудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди.
2
Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирге үлкен бийлик те берди.
3
Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти.
4
Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5
Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды.
6
Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады.
7
Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды.
8
Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9
Қулағы бар адам мыналарды еситип алсын:
10
«Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен өлтириледи». Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.
11
Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди.
12
Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи.
13
Ол үлкен кәраматлар көрсетип, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды.
14
Ол биринши жыртқыш ҳайўанның атынан өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлары арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның мүсинин соғыўды буйырды.
15
Оған биринши жыртқыш ҳайўанның мүсинине жан бериў ушын қүдирет берилди. Солай етип, сол мүсин тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесиниң өлтирилиўин буйырды.
16
Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи.
17
Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18
Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22