bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 5
Revelation 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 6 →
1
Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мөр басылып бекитилген бир орама қағазды көрдим.
2
Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, орама қағазды ашыўға ылайықлы?» – деди.
3
Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да орама қағазды ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады.
4
Орама қағазды ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым.
5
Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Тамыры жеңип шықты! Ол бекитилген жети мөрди бузып, орама қағазды аша алады, – деди.
6
Сол ўақытта мен тахт пенен төрт мақлуқтың ортасында, ақсақаллардың арасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны көрдим. Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7
Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан орама қағазды алды.
8
Қозы орама қағазды алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында арфа ҳәм түтеткиге толы алтын тостағанлар бар еди. Бул түтеткилер мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди.
9
Олар жаңа алғыслаў қосығын айтып былай деди: «Сен орама қағазды алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил, Халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын, Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң.
10
Оларды патшалығыңа еристирип, Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде патшалық етеди».
11
Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мың-мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим.
12
Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет, Ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».
13
Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта Отырған ҳәм Қозы, Алғыс-мақтаўға ҳәм ҳүрметке, Даңққа ҳәм қүдиретке, Мәңги-бақый ийе болсын!»
14
Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22