bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 18
Revelation 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 19 →
1
Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти.
2
Периште қатты даўыслап былай деди: «Қулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мәканы, Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3
Өйткени барлық миллетлер, Оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де, Оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4
Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳәй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын, Оннан шығып кет!
5
Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6
Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7
Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса, Оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер. Өйткени ол өз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди.
8
Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине, Бир күнниң ишинде дуўшар болады, Ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийе қүдиретли».
9
Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары қаладан көтерилип атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды.
10
Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, Күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11
Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ.
12
Олар мыналарды: алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, ҳасыл зығыр, жипек, шым қызыл ҳәм қырмызы гезлемелер, ҳәр түрли хош ийисли ағашлар, пил сүйегинен исленген затлар, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселер, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымлар,
13
дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселер, түтетки, әтир май, ладан, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, сондай-ақ адамларды қул қылып сатып алатуғын ҳәм сататуғын еди.
14
Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15
Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады.
16
Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Ҳасыл зығыр, шым қызыл ҳәм қырмызы гезлемелер кийген, Алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17
Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемешилер ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып,
18
қаладан көтерилип атырған оттың түтинин көргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды.
19
Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси, Ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20
Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳәй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳәм пайғамбарлар! Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды».
21
Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, Мәңгиге жоқ болады.
22
Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң, Қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң даўыслары, Ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды, Дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23
Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, Пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24
Және де, пайғамбарлардың, Мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң, Ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди».
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22