bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 4
Revelation 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 5 →
1
Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны көрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кәрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге көтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды көрсетемен».
2
Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахтты ҳәм онда Отырғанды көрдим.
3
Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сердолик сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахттың әтирапын жарқыраған ҳасыл зүмрет тасы сыяқлы айқулақ қоршап турған еди.
4
Тахттың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди.
5
Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахттың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы.
6
Және тахттың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың төрт тәрепинде, яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди.
7
Олардың бириншиси арысланға, екиншиси танаға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди.
8
Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар, Келешекте келетуғын, Қүдирети күшли Қудай Ийе, Мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9
Төрт мақлуқ мәңги-бақый жасайтуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын,
10
жигирма төрт ақсақал тахтта отырған мәңги-бақый Жасайтуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахттың алдына қойып былай деди:
11
«Ийемиз ҳәм Қудайымыз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң. Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды».
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22