bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Revelation 8
Revelation 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 9 →
1
Қозы бекитилген жетинши мөрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады.
2
Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди.
3
Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық орында турды. Оның қолында түтеткини түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахттың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда түтеткилер берилди.
4
Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге түтеткиниң түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды.
5
Периште түтетки салынған ыдысты алып, оны қурбанлық орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.
6
Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды.
7
Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти.
8
Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды.
9
Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10
Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти.
11
Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды.
12
Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды.
13
Мен соңынан аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркитти көрдим ҳәм оның бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!»
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22