bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 10
Zechariah 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 11 →
1
Ерте бәҳәрде Жаратқан Ийеден жаўын тилең, Жаўын бултларын жиберетуғын, Адамларға жаўын жаўдыратуғын, Далаларда өсимлик өсиретуғын Жаратқан Ийе болады.
2
Кийели мүсинлердиң сөйлейтуғыны өтирик, Палкерлердиң ашқан палы жалған, Олар көрмеген түслерин жалғаннан тоқыйды, Пайдасы жоқ жубаныш сөзлерин айтады. Соның ушын, бул халық сүриўдей гезип жүр, Шопансыз болғаны ушын азап шегип атыр.
3
Жаратқан Ийе былай дейди: «Ғәзебим шопанларға қарсы лаўлады, Жолбасшыларды жазалайман. Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен Өз сүриўиме, Яҳуда халқына ғамхорлық қыламан. Оларды әжайып саўаш аты сыяқлы қыламан.
4
Күшли мүйеш тасы, шатырдың қазығы ҳәм саўаш қуралындай, Барлық басшылар Яҳудадан шығады.
5
Олар саўашта көшедеги батпақты басқылаған жаўынгерлердей болады, Жаратқан Ийе, Мен олар менен бирге болғаным ушын, Олар урысқа шығып, Душпанының атлыларын шерменде қылады.
6
Яҳуда халқын күшейтемен, Юсуп әўладын қутқараман, Оларға реҳим қыламан, Сүргиннен қайтарып алып келемен. Мен олардан ҳеш қашан жүз бурмағанымдай болады, Себеби Мен олардың Қудайы Жаратқан Ийемен, Оларға қулақ саламан.
7
Эфрайым халқы батыр жаўынгерлердей болады, Шарап ишип алғандай, жүреклери йошады. Балалары буны көрип, шадланады, Жүреклери Жаратқан Ийеде шадланады.
8
Шопандай шақырып, оларды жыйнайман, Мен оларды азат қыламан. Бурынғыдай, олар және көбейеди.
9
Оларды халықлардың арасына тарқатып жиберсем де, Узақ жерлерде Мени еслейди, Балалары менен бирге аман қалып, қайтып келеди.
10
Оларды Мысырдан қайтарып алып шығаман, Ассирия жеринен жыйнап аламан. Олар көбейгенликтен, өз елиндеги жерлерге сыймайды, Соның ушын, оларды Гиладқа ҳәм Лебанонға алып келемен.
11
Халқым апат теңизинен өтеди, Олар теңиздиң толқынларын тынышландырады, Нил дәрьясының түби қурып қалады. Ассирияның тәкаббирлиги басылады, Мысыр патшалық ҳасасынан айырылады.
12
Халқымды Өз күшим менен қүдиретли қыламан, Олар Мениң атым менен жүреди». Булар Жаратқан Ийениң сөзи.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14