bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 4
Zechariah 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 5 →
1
Мениң менен сөйлескен периште қайтып келип, уйқыдан оятқандай етип мени оятты.
2
Ол меннен: – Нени көрип турсаң? – деп сорады. Мен былай деп жуўап бердим: – Ҳәмме жери алтыннан соғылған шыра қойғышты көрип турыппан, оның жоқарысында зәйтүн майына арналған бир тостаған турыпты. Шыра қойғыштың жети шырасы ҳәм олардың жети түтикшеси бар.
3
Сондай-ақ, шыра қойғыштың қасында еки зәйтүн ағашы бар. Биреўи тостағанның оң тәрепинде, екиншиси сол тәрепинде турыпты.
4
Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден: – Булардың мәниси не, мырзам? – деп сорадым.
5
Ол: – Булардың мәнисин билмейсең бе? – деди. Мен: – Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
6
Соның ушын, ол маған мыналарды айтып берди: – Жаратқан Ийе Зеруббабел ушын мына сөзлерди айтты: «Күш ҳәм қүдирет пенен емес, ал Мениң Руўхым менен табысқа ерисесең. Бул Әлемниң Жаратқан Ийесиниң сөзи.
7
Сен не болыпсаң, ҳәй, бәлент таў? Зеруббабелдиң алдында сен бир тегислик болып қаласаң! Ол Ибадатхананың ақырғы тасын орнатқанда, халық: „Қандай гөззал, қандай гөззал!“ – деп бақырысады».
8
Жаратқан Ийеден маған және төмендеги сөз түсти:
9
«Үйимниң тийкарғы тасы Зеруббабелдиң қоллары менен қойылды, қурылысты да оның қоллары ақырына жеткереди. Сол ўақытта, Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мениң сени жибергенимди билесең.
10
Қурылыстың кишкене иси басланған күнди ким менсинбейди? Адамлар Зеруббабелдиң қолындағы жазыўы бар қалайы тахтаны көргенде, шадланады». Сонда периште маған былай деди: – Мына жети шыра пүткил жер жүзине қарап туратуғын Жаратқан Ийениң көзлери.
11
Мен периштеден мынаны сорадым: – Шыра қойғыштың оң ҳәм шеп тәрепиндеги бул еки зәйтүн ағашларының мәниси не?
12
Алтындай май ағып турған еки алтын түтикшениң қасындағы бул еки нәл нени аңлатады?
13
Ол меннен: – Булардың мәнисин билмейсең бе? – деп сорады. Мен: – Яқ, мырзам, – деп жуўап бердим.
14
Периште: – Булар пүткил дүньяның Ийесине хызмет етиўши ҳәм зәйтүн майы менен майланған еки адам болады, – деди.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14