bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 5
Zechariah 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 6 →
1
Мен және нәзер таслағанымда, ушып баратырған орама китапты көрдим.
2
Периште меннен: – Нени көрип турсаң? – деп сорады. Мен: – Ушып баратырған орама китапты көрип турыппан, оның узынлығы жигирма шығанақ, ени он шығанақ, – деп жуўап бердим.
3
Сонда периште маған түсиндирип, былай деди: – Бул китапқа пүткил жер жүзине келетуғын нәлет жазылған. Урлық қылғанлар орама китаптың бир тәрепиндеги жазыў бойынша, жалған ант ишкенлер екинши тәрепиндеги жазыў бойынша елден жоқ қылынады.
4
Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Нәлет жаўдыраман. Урының үйине ҳәм Мениң атым менен жалған ант ишетуғынлардың үйине нәлет жаўады. Нәлет сол үйде болып, жайдың ағашлары менен тасларын пүткиллей жоқ қылады», – дейди.
5
Мениң менен сөйлескен периште келип, маған былай деди: – Нәзер тасла, киятырған нәрсени көр.
6
Мен: – Бул не? – деп сорадым. Периште: – Киятырған нәрсе өлшем ыдысы. Бул – елдеги пүткил халықтың гүнасы, – деди.
7
Қорғасыннан соғылған қақпағы ашылды, ыдыстың ишинде болса, бир ҳаял отырған екен.
8
Периште: – Бул ҳаял – жаўызлық, – деп, ҳаялды ыдыстың ишине ийтерип жиберди де, аўыр қақпағын жаўып таслады.
9
Мен және нәзер таслап, еки ҳаялдың ушып киятырғанын көрдим. Олар ләйлектиң қанатларына уқсаған қанатларын самалда жайған еди. Олар келип, сол ыдысты алды да, аспанға көтерип алып кетти.
10
Мен өзим менен сөйлесип атырған периштеден: – Ыдысты қаяққа алып баратыр? – деп сорадым.
11
Ол маған: – Оны Шынар елине алып баратыр. Ол жерде оған сыйынатуғын үй қурып береди, үй тайын болғанда, ыдысты сол жерде бир түбелдирикке қояды, – деп жуўап берди.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14