bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 11
Zechariah 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 12 →
1
Ҳәй, Лебанон, дәрўазаларыңды аш, От кедр ағашларыңды жағып жоқ қылсын!
2
Ҳәй, сәрўи ағашы, дад сал! Кедр ағашы қулады, Уллы тереклер жоқ болды! Ҳәй, Башандағы емен ағашлары, дад салың, Қалың тоғайлар кесилди!
3
Қулақ сал, шопанлардың шеккен пәриядына, Олардың әжайып жайлаўлары жоқ болды! Қулақ сал, арысланлардың ақырған даўысына, Иордан бойындағы қалың тоғай жоқ болды!
4
Қудайым Жаратқан Ийе былай деди: – Сойылыўға арналған сүриўге шопанлық қыл.
5
Сүриўди сатып алғанлар, оларды сойса да, өкинбей жүрипти. Қойларды сатқанлар болса: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын, байып кеттим!» – дейди. Шопанлар өз сүриўлерине жаны ашымайды.
6
Мен енди елде жасап атырған халыққа артық реҳим қылмайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың ҳәр бирин өз қоңсы халқына ҳәм патшасының қолына тапсыраман. Олар елди езеди, Мен де халықты олардың қолынан қутқармайман.
7
Солай етип, сойылыўға арналған сүриўге, олардың езилгенлерине шопанлық қылдым. Қолыма еки таяқ алдым, биреўин «Ырзашылық», екиншисин «Бирлик» деп атап, сүриўди бақтым.
8
Бир айдың ишинде үш шопанды қуўып жибердим. Мениң сүриўге болған сабыр-тақатым таўысылды, олар да мени жек көрди.
9
Сонда мен сүриўге: – Артық сизлерди бақпайман. Өлетуғыны өлсин, набыт болатуғыны набыт болсын, аман қалғанлары бир-бириниң етин жесин, – дедим.
10
Кейин «Ырзашылық» деген таяғымды алып, оны сындырдым. Усылай қылып, Жаратқан Ийениң барлық халықлар менен дүзген келисимин бузғанын көрсеттим.
11
Солай етип, келисим сол күни бузылды. Мени гүзетип турған сүриўдиң езилгенлери бул истиң Жаратқан Ийениң жиберген хабары екенин түсинди.
12
Мен оларға: – Егер мақул деп тапсаңыз, мениң ис ҳақымды бериң, болмаса бермей-ақ қойың, – дедим. Сонда олар маған отыз шекел гүмисти ис ҳақым ушын өлшеп берди.
13
Жаратқан Ийе маған: – Буны гүлалшының алдына тасла, – деди. Солай етип, өзлери жоқары деп баҳалаған отыз шекел гүмисти алып, Жаратқан Ийениң Үйиндеги гүлалшының алдына тасладым.
14
Кейин «Бирлик», деп аталған екинши таяғымды сындырдым. Усылай етип, Яҳуда менен Израил арасындағы туўысқанлық бирликти буздым.
15
Жаратқан Ийе маған және былай деди: – Бар, және бир мәрте шопанлық қыл, надан шопандай ҳәрекет ет.
16
Елге сондай бир шопан жиберемен, ол набыт болып атырғанларға қарамайды, жойтылғанларды излемейди, жарақатланғанларға шыпа бермейди, саўларын азықландырмайды. Ал семиз қойлардың гөшин жеп, туяқларын жулып таслайды.
17
«Ҳәсирет шегесең, сүриўди тәрк ететуғын надан шопан! Қылыш келсин қолыңа ҳәм оң көзиңе, Пүткиллей қурып қалсын қолың, Пүткиллей соқыр болсын оң көзиң!»
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14