bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 3
Zechariah 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 4 →
1
Кейин бас руўханий Ешуаның Жаратқан Ийениң периштесиниң алдында турғанын ҳәм оның оң жағында оны айыплаў ушын шайтанның турғанын көрдим.
2
Жаратқан Ийе шайтанды кейип: – Мен саған тыйым саламан, ҳәй, шайтан! Ерусалимди таңлаған Мен саған тыйым саламан! Бул адам от ишинен суўырып алынған шала жанған отын бөлеги емес пе? – деди.
3
Периштениң алдында Ешуа патас кийим кийип турған еди.
4
Периште сол жерде турғанларға: – Үстиндеги патас кийимлерин шешиң, – деди. Кейин Ешуаға: – Тыңла, сениң айыпларыңды алып тасладым. Саған таза, салтанатлы кийим кийдиремен, – деди.
5
Сонда мен: – Оның басына таза сәлле кийдирилсин, – дедим. Олар оның басына таза сәлле, үстине кийим кийдирди. Жаратқан Ийениң периштеси де оның қасында турған еди.
6
Кейин Жаратқан Ийениң периштеси Ешуаға ескертип былай деди:
7
– Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер сен Мениң жолларым менен жүрип, талапларымды орынласаң, Мениң Үйимде басшылық қылып, ҳәўлимди басқарасаң. Саған усы жерде турғанлар менен бирге дәргайыма кирип-шығыў ҳуқықын беремен.
8
Тыңла, бас руўханий Ешуа, сен ҳәм жаныңда отырған руўханий туўысқанларың менен бирге ҳәммеңиз келешекте жүз беретуғын ўақыялардың нышанысыз. Мен Шақа деген хызметкеримди алып келемен.
9
Мине, Ешуаның алдына бир тас қойдым. Сол тасқа жети көз қарап турыпты. Мен тастың үстине ойып жазыў жазаман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Бир күн ишинде мына елдиң гүнасын алып таслайман.
10
Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – сизлер қоңсы-қобаларыңызды өз жүзим ағашларыңыздың ҳәм әнжир ағашларыңыздың астында отырыўға мирәт етесиз».
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14