bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 13
Zechariah 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 14 →
1
«Сол күни Даўыт әўладын ҳәм Ерусалим турғынларын гүнадан ҳәм ҳарамылықтан тазалаў ушын ағып турған бир булақ болады.
2
Сол күни елден бутлардың атларын өширемен, артық олар еске алынбайды, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – жалған пайғамбарларды да, напәк руўхты да жоқ қыламан.
3
Егер және биреў пайғамбаршылық қылатуғын болса, оның өз туўған ата-анасы: „Сен өлесең, себеби Жаратқан Ийениң аты менен жалған сөйлеп турсаң“, – дейди. Ал ол пайғамбаршылық еткен жағдайда, оның өз ата-анасы оның денесин түйреп, өлтиреди.
4
Сол күни ҳәр бир жалған пайғамбар аян көрип, пайғамбаршылық етиўге уялатуғын болады. Пайғамбардың жүнли кийимин киймейди ҳәм адамларды қайтып алдамайды.
5
Оның орнына ол: „Мен пайғамбар емеспен, дийханман. Жаслығымнан берли бир адамның қолында атызға қарайман“, – дейди.
6
Биреў оннан: „Денеңдеги жаралар қай жерден пайда болды?“ – деп сорағанда, ол: „Булар досларымның үйинде арттырған жаралар“, – деп жуўап береди».
7
«Оян, ҳәй қылыш! Мениң шопаныма, Мениң жақыныма қарсы шық, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Шопанды шаўып тасла, Қойлар тарқалып кетсин. Мен қозыларға қарсы қол көтеремен.
8
Пүткил елде халықтың үштен екиси қырылып, жоқ болады, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Үштен бири аман қалады.
9
Аман қалған үштен бирин оттан өткеремен, Оларды гүмистей еритип, тазалайман, Алтынды сынағандай, сынайман. Олар Мениң атымды айтып шақырады, Мен де оларға жуўап беремен, „Булар Мениң халқым“, – деймен, Олар да Мени: „Жаратқан Ийе – бизлердиң Қудайымыз“, – дейди».
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14