bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Zechariah 8
Zechariah 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 9 →
1
Әлемниң Жаратқан Ийесинен маған және сөз түсти:
2
«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен Сионды қатты қызғанаман. Оған болған қызғанышым ишимди жандырады.
3
Жаратқан Ийе былай дейди: Сионға қайтып келемен, Ерусалим Мениң мәканым болады. Сонда Ерусалим „Садық қала“, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң таўы „Мухаддес таў“ деп аталады.
4
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Қолларына ҳаса услаған кемпир-ғаррылар және Ерусалим майданларында отырады.
5
Қаланың көшелери ойнап жүрген бала ҳәм қызларға толады.
6
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Аман қалған халқымның көзине усы күнлер мүмкин емес болып көрингени менен, Мениң көзиме ондай болып көринбейди, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
7
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Халқымды күншығыс ҳәм батыстағы еллерден қутқарып аламан.
8
Ерусалимде жасаўы ушын оларды қайтарып алып келемен. Олар Мениң халқым, Мен олардың садық ҳәм әдил Қудайы боламан.
9
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Күшли болыңлар! Мениң Үйим қайта қурылыўы ушын тийкары салынған күнлери пайғамбарлардың айтқан сөзлерин еситип атырсыз.
10
Сол ўақытқа дейин мийнети ушын адамларға ис ҳақы, ҳайўанларға жем берилмейтуғын еди. Душпанлар себепли ҳеш ким тынышлық ишинде кирип шыға алмайтуғын еди. Мен ҳәммени бир-бирине қарсы қойған едим.
11
Бирақ халқымның аман қалғанларына бурынғыдай ислемеймен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
12
– Енди туқым тынышлық ишинде себилип, жүзимзар өз мийўесин береди, топырақ өнимли болып, аспан өз шығын түсирип турады. Булардың барлығын аман қалған халықтың ийелигине беремен.
13
Ҳәй, Яҳуда ҳәм Израил халқы, Мен сизлерди қутқараман! Миллетлер атыңызды ғарғыста қолланатуғын еди, енди оны пәтия бергенде қолланатуғын болады. Қорқпаңлар, күшли болыңлар!
14
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Ата-бабаларыңыз ғәзебиме тийгенде, сизлерге апат жибериўди шештим ҳәм аямадым, – буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады.
15
– Енди болса, Ерусалимге ҳәм Яҳуда халқына және жақсылық қылыўды шештим. Қорқпаңлар!
16
Сизлер ислеўиңиз керек болған нәрселер мыналар: бир-бириңизге ҳақыйқатты сөйлеңлер. Ҳүким шығарғаныңызда, әдалатлықты ҳәм әдилликти сақлаң.
17
Жүрегиңизде бир-бириңизге қарсы жаўызлық жобаластырмаң, жалғаннан ант ишпең. Себеби Мен булардың барлығынан жеркенемен, – дейди Жаратқан Ийе».
18
Әлемниң Жаратқан Ийесинен маған және төмендеги сөз түсти:
19
«Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Төртинши, бесинши, жетинши ҳәм оныншы айлардағы ораза Яҳуда халқы ушын қуўанышлы ҳәм шадлыққа толы бахытлы байрамларға айланады. Сонлықтан әдалатлықты ҳәм тынышлықты сүйиң.
20
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Еле халықлар ҳәм көп қалаларда жасайтуғын адамлар Ерусалимге келеди.
21
Бир қаланың турғынлары басқа қалаға барып: „Әлемниң Жаратқан Ийесинен реҳим сорап, Оның жүзин излеў ушын барайық. Мен де сизлер менен бараман“, – дейди.
22
Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мени излеп, Меннен реҳим сораў ушын көп миллетлер ҳәм күшли халықлар Ерусалимге келеди.
23
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сол күнлерде ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын миллетлерден он адам бир яҳудийдиң етегине асылып: „Рухсат бер, сениң менен бирге барайық. Себеби Қудайдың сениң менен бирге екенин еситтик“, – деп айтады».
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14