bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 10
Hosea 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 11 →
1
Израил жайылып өскен жүзим ағашына мегзейди, Мол мийўесин берди, Бирақ мийўеси көбейген сайын, Бутқа арнап көп қурбанлық орын қурды. Ели гүллеп жаснаған сайын, кийели тасларды безеди.
2
Кеўиллери екиге бөлинген бул халық енди айыбы ушын жазасын алады, Жаратқан Ийе бутқа арналған қурбанлық орынларын қулатады, Кийели тасларын сындырып таслайды.
3
Соннан соң олар былай дейди: «Бизлердиң патшамыз жоқ, Өйткени Жаратқан Ийеден қорқпадық. Патшамыз болғаны менен, Не келер еди оның қолынан?»
4
Олар айтып атыр мәниссиз сөзлерди, Жалған ант ишип, келисим дүзип атыр. Соның ушын, атыздың қарықларындағы зәҳәрли шөп сыяқлы, Әдилсизлик көбейип бармақта.
5
Самарияда жасайтуғынлар, Бейт-Аўендеги қашар бутынан қәўетер алар, Халқы оның ушын жас төгер. Буттың руўханийлери де дад салар, Себеби буттың салтанаты алып тасланады.
6
Бут сый ретинде уллы патшаға, Ассирияға алып кетиледи, Эфрайым шерменде болады, Израил өз жобасы себепли уятқа қалады.
7
Суўдағы ығып кеткен таяқ сыяқлы, Самария патшасы жоқ болып кетеди.
8
Израилдың гүнасына себеп болған, Аўендеги сыйыныў орынлары жоқ қылынады. Қурбанлық орынларды жантақ ҳәм шеңгеллер басады. Сонда адамлар таўларға: «Бизлерди жерлең!» Төбешиклерге: «Үстимизге қулаң!» деп жалынады.
9
Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Израил, сен Гибада болған күннен баслап гүна иследиң, Сол жерде өзгерместен қалдың. Гибадағы жынаятшыларға қарсы саўаш болмады ма?
10
Мен қәлеген ўақтымда жазаңды беремен, Саған қарсы халықларды бирлестиремен. Еки жынаятың ушын, Душпанлар саған кисен салады.
11
Эфрайым түйек айдаўды жақсы көретуғын, Үйретилген қашарға уқсайды. Бирақ мойынтырық тағаман, Эфрайымның сулыў мойнына. Эфрайымды ертлеймен, Яҳудаға қос айдатаман, Яқыпқа мала бастыраман.
12
Ҳәй, Израил, өзиңиз ушын әдиллик егиң, Сүйиспеншилик жемисин орып алың. Өзлериңиз ушын сүрилмеген жериңизди сүриң, Себеби Жаратқан Ийениң алдына келетуғын ўақтыңыз болды, Ол келген ўақытта, Үстиңизге әдалатлықты жаўындай жаўдырсын.
13
Бирақ сизлер жаўызлық егип, Әдилсизликти орып алдыңыз, Жалғанның мийўесинен жедиңиз, Өйткени тутқан өз жолыңызға сүйенип, Батыр жаўынгерлериңизге исендиңиз.
14
Соның ушын, халқыңыздың басына саўаш апаты дөнип тур, Шалманның саўаш күнинде Бейт-Арбелди қулатқанындай, Ҳаялларды балалары менен бирге жерге урып өлтиргениндей, Қулайды сениң барлық қорғанларың.
15
Ҳәй Бейт-Эл, жаўызлықларыңның көплиги ушын, Усы күнлер басыңа түседи. Таң атқанда, Израил патшасы набыт болады».
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14