bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 6
Hosea 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 7 →
1
Бул халық былай дейди: «Келиңлер, Жаратқан Ийеге қайтайық! Ол бизлерди тилкимлеп, майдалап таслады, Шыпаны да Өзи береди. Бизлерди жарадар қылды, Жараларымызды Өзи таңады.
2
Еки күнде бизлерди өмирге қайтарады, Үшинши күни аяққа турғызады, Оның дәргайында жасаймыз.
3
Келиңлер, Жаратқан Ийени билиўге умтылайық, Оны билиўге ғайрат салайық. Ол таң атыўындай сөзсиз келеди, Жерди суўғаратуғын жаўын сыяқлы, Аўа, бәҳәр жаўынындай бизлерге келеди».
4
Қудай былай дейди: «Саған не қылайын, ҳәй Эфрайым? Саған не қылайын, ҳәй Яҳуда? Сүйиспеншилигиңиз таңдағы думандай тез жоқ болады, Ерте азанғы шық сыяқлы парланып кетеди.
5
Соның ушын, сизлерди пайғамбарларым арқалы шаўып тасладым, Аўзымнан шыққан сөзлерим менен өлтирдим, Таң нурының шығатуғынындай, Шығарған ҳүкимим сөзсиз жүзеге асады.
6
Өйткени Мен қурбанлық емес, Мийрим-шәпәәт қәлеймен, Жандырылатуғын қурбанлықларды емес, Мени, Қудайды танып, билиўиңизди қәлеймен.
7
Халқым Адам-ата сыяқлы келисимди бузды, Аўа, ол жерде Маған опасызлық қылды.
8
Гилад – жаўызлардың қаласы, Көшелери қан излерине толы.
9
Қарақшылар буққыда жатып, қурбанын аңлыйды, Руўханийлер топары да оларға уқсайды. Шехем қаласына баратуғын жолда адам өлтиреди, Аўа, олар жеркенишли жынаятқа қол урады.
10
Мен Израилда қорқынышлы ҳәдийсени көрдим: Эфрайым бузықшылық қылды, Израил өзин ҳарамлады.
11
Мен халқымды және абаданшылыққа еристирмекши болғанымда, Ҳәй, Яҳуда, сениң де жаза күниң белгиленди.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14