bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 11
Hosea 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 12 →
1
Жаратқан Ийе былай дейди: «Балалығында Израилды сүйдим, Улымды Мысырдан шақырып алдым.
2
Оларды қанша шақырсам, Меннен сонша узақласты. Қурбанлықлар берди Баалларға, Түтеткилер түтетти бутларға.
3
Эфрайымға тәй-тәй турып, жүриўди Мен үйреттим, Оны қолларымда көтерип жүрдим. Бирақ ол билмеди Мениң шыпа бергенимди.
4
Мен оны инсан жиби менен, Сүйиспеншилик арқаны менен жетеледим. Мойнынан мойынтырықты алып таслап, Оны аўқатландырыў ушын, еңкейдим.
5
Халқым тәўбе қылыўдан бас тартқаны ушын, Мысырға қайтып бармай ма? Ассирия оларға ҳүкимдарлық қылмай ма?
6
Қалаларында қылыш жалаңлайды, Дәрўазаларының тәмбилери жоқ қылынады, Қорғаны ишинде оларды қылыш жалмайды.
7
Өз халқым Меннен жүз бурыўға бейимлеседи, Баалға дад салса да, Ол оларды ҳасла жоқары көтермес.
8
Ҳәй, Эфрайым, қалай сеннен ўаз кешейин? Ҳәй Израил, қалайынша сени таслап кетейин? Адма қаласын жоқ қылғанымдай, сени жоқ қыла аламан ба? Себойымға қылғанымды саған қыла аламан ба? Бундай қылыўға жүрегим даўамас ҳасла! Саған болған меҳрим артып кетти.
9
Яқ, лаўлаған ғәзебимди басыңызға жаўдырмайман, Эфрайымды және набыт қылмайман. Өйткени Мен инсан емеспен, Қудайман, Араңызда болатуғын мухаддес Қудайман, Артық алдыңызға ғәзеп пенен бармайман.
10
Арысландай ақырғанымда, халқым Жаратқан Ийениң, Мениң изимнен ереди, Мен ақырғанымда балаларым батыстан титиресип келеди.
11
Олар Мысырдан қуслардай болып, Ассириядан кептерлердей қалтырап келеди. Мен оларды үйлерине орналастыраман, Буны Мен, Жаратқан Ийе айтаман».
12
«Эфрайым әтирапымды жалған менен, Израил Мени ҳийле менен орап таслады. Ал Яҳуда Қудай менен бирге болып, Мухаддес Қудайға садық қалды».
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14