bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 8
Hosea 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 9 →
1
Жаратқан Ийе былай дейди: «Кәрнай шалып, дабыл салың! Душпан бүркиттей Жаратқан Ийениң халқының үстинде ушып жүр, Себеби халқым келисимимди бузды, Олар нызамыма қарсы шықты.
2
Израил халқы Маған дад салып: „Қудайым, Сени тән аламыз!“ – дейди.
3
Өзлери болса, ийгиликли ислерден бас тартты, Душпанлар қуўғын қылады оларды.
4
Олар Менсиз патшалар тайынлады, Рухсатымсыз басшылар сайлады. Гүмис ҳәм алтынынан өзлери ушын бутлар соқты, Усы арқалы басларына апат келтирди.
5
Ҳәй, Самария! Сениң тана сүлдериндеги бутың жеркенишли, Сизлерге қарсы ғәзебим лаўлап жанбақта! Қашан айыпсыз болып жүресиз?
6
Өйткени бул Израилдың иси, Бутты бир өнермент соқты, сонлықтан ол Қудай емес! Самарияның мүсин танасы сындырып тасланады.
7
Самал еккен адамлар боран орып алар, Масақсыз бийдай ун болмас. Бийдайыңыздың масағы болғаны менен, Оны бөтен халықлар жеп кетер.
8
Израил жалмап жутылды, Басқа халықлар арасында жарамсыз ыдысқа уқсап қалды.
9
Жалғыз қаңғып жүрген қуландай, Олар Ассирияға кетти. Эфрайым өзине ойнаслар жаллады.
10
Олар басқа халықлардан ойнаслар жалласа да, Мен оларды бир жерге жыйнап аламан. Күшли патшаның зулымлығы астында, Олар тез арада ҳәлсизленип қалады.
11
Эфрайым гүналарын жуўмақшы болып, Көп қурбанлық орынлар қурып таслады. Булар болса, гүна ислейтуғын орынға айланды.
12
Мен бул халыққа көп нызамлар жаздым, Бирақ олар нызамларымды жат нәрсе деп санады.
13
Олар қурбанлықлар береди, Өзлери қурбанлық гөшинен жейди, Бирақ Жаратқан Ийениң, Мениң кеўлим толмас оларға. Олардың жынаятларын еске аламан. Гүналары ушын жазасын беремен, Олар Мысырға қайтып кетеди.
14
Израил Өз Жаратыўшысын умытып, сарайлар қурды, Яҳуда көп қалаларды беккемледи. Бирақ Мен қалаларына от қояман, Қорғанларын отқа жем қыламан».
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14