bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 12
Hosea 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 13 →
1
Эфрайым шөл самалын күтип турады, Күни бойы шығыс самалының изинен қуўып жүреди. Жалған ҳәм зорлықты арттырады. Ассирия менен келисим дүзип, Зәйтүн майын Мысырға жибереди.
2
Жаратқан Ийениң даўасы бар Яҳудаға, Яқыпты жүрген жолы бойынша жазалайды, Ислеген ислерин өзлерине қайтарады.
3
Яқып анасының қарнында туўысқанының табанын услаған, Үлкейгенде, Қудай менен гүрескен.
4
Периште менен гүресип, оны жеңди, Ол жылап, мийрим-шәпәәт сорады. Қудайды Бейт-Элде тапты, Сол жерде Қудай бизлер менен сөйлести.
5
Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы, Оның аты – Жаратқан Ийе.
6
Сонлықтан Қудайыңа қайт сен, Сүйиспеншиликти ҳәм әдилликти сақла, Ҳәмме ўақытта Қудайыңды күт.
7
Жаратқан Ийе былай дейди: «Халқым тәрезиден жейтуғын саўдагерге уқсайды, Олар урлықты жақсы көреди.
8
Эфрайым: „Мен байман, Өзиме мал-дәўлет арттырдым, Барымды маңлай терим менен таптым, Ҳеш ким мени гүнакар деп айыплай алмас“, – дейди.
9
Бирақ сени Мысырдан алып шыққан, Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан. Шөлдеги күнлериңиздегидей, Сени және шатырларға орналастыраман.
10
Мен пайғамбарларға сөйледим, Оларға көп аянлар бердим, Олар арқалы тымсаллар айттым».
11
Гиладта жаўызлық исленбеди ме? Сөзсиз оның халқы әҳмийетсиз болып қалды. Гилгалда буғалар қурбанлық қылынбады ма? Атызлар дөгерегиндеги қурбанлық орынлар, Тас үйиндилерине уқсап қалады.
12
Яқып Арам елине қашып кетти, Израил ол жерде ҳаялы ушын қул болып, Қалыңлық төлеў ушын қой бақты.
13
Жаратқан Ийе пайғамбары арқалы, Израил халқын Мысырдан алып шықты, Пайғамбар арқалы оларды қорғады.
14
Бирақ Эфрайым қатты ғәзеплендирди Қудайды, Эфрайымнан есабын талап қылады төккен қаны ушын, Оны мазақ қылғаны ушын ылайықлы жазасын қайтарады.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14