bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 9
Hosea 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 10 →
1
Ҳәй Израил, басқа халықлардай қуўанып, шадланба! Сен опасызлық қылып, Қудайдан узақластың, Барлық қырман жеринде, Бузықшылыққа төленген төлемди жақсы көрдиң.
2
Ал енди қырман да, шарап сығатуғын искенже де халықты тойдырмас, Таза шарап та олардың үмитин ақламас.
3
Олар Жаратқан Ийениң жеринде қалмайды, Эфрайым Мысырға қайтып кетеди. Ассирияда ҳарам саналған азық-аўқатларды жейди.
4
Қурбанлықларың лазымдағы нан сыяқлы болып, Оннан жегенлердиң ҳәммеси ҳарам саналады. Жаратқан Ийеге ишимлик садақасын қуймаң, Алып келген қурбанлықларың Оған мақул болмас. Олардың наны тек ғана қарын ушын, Бундай нанлар Жаратқан Ийениң Үйине киргизилмес.
5
Не ислей аласыз белгиленген байрамларда, Жаратқан Ийениң байрам күнлеринде?
6
Олар апаттан қашып қутылса да, Мысыр оларды бир жерге жыйнайды, Пайтахты Мемфис оларды жерлейди. Баҳалы гүмис затларыңды жантақ шөплер басып, Шатырларына шеңгел өсип кетеди.
7
Жаза берилетуғын ўақыт жетип келди, Есап беретуғын ўақты келди. Ҳәй, Израил, мынаны билип қой, Көп гүналарың себепли, Душпаншылығыңның шексизлиги соншелли, Пайғамбар ақмақ, руўхтан илҳамланған адамлар телбе, деп саналды.
8
Қудайым пайғамбарды Эфрайымға гүзетши қылды, Бирақ оның ҳәр бир адымына дузақ қурдыңыз, Душпанлық бар Қудайымыздың Үйинде.
9
Гиба күнлериндеги сыяқлы, олар азғырылыўға терең батты. Қудай жынаятларын еске алады, Гүналарына жараса жаза береди.
10
Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Израилды тапқанда, Шөлде жүзим тапқандай болдым. Ата-бабаларыңызды көргенде, Дәслепки әнжир мийўесин көргендей болдым. Бирақ олар Баал-Пеорға келгенде, Сол жердеги жеркенишли бутқа өзлерин бағышлады. Олар өзлери жақсы көрген сол бут сыяқлы Жеркенишли болып қалды.
11
Эфрайымның салтанаты бир қус сыяқлы ушып кетеди, Оларда перзент те туўылмас, ҳаяллары да ҳәмиледар болмас, Қурсағына бала да питпес.
12
Егер перзент өсирсе де, Мен оларды биреўин де қалдырмай тартып аламан. Аўа, оларды таслап кеткенимде, ҳәсирет шегеди!
13
Эфрайымды көргенимде, Ол Тир қаласына уқсайтуғын еди, Гөззал жерде жайласқан еди. Бирақ енди Эфрайым өз балаларын, Жәлладтың алдына алып шығады».
14
Жаратқан Ийе, бул халқыңа не бересең? Ҳаялларды бала туўмайтуғын, Балаларын емизе алмайтуғын қылып бер.
15
Жаратқан Ийе былай дейди: «Олардың ҳәр бир жаўызлығы Гилгалдан басланды, Сол жерде жеркене басладым олардан. Ислеген жаўызлықлары ушын, Оларды үйимнен қуўып жиберемен. Артық оларды жақсы көрмеймен, Олардың барлық басшылары Маған қарсы бас көтерди.
16
Эфрайым қулады, тамырлары кеўип қалды, Артық мийўе бере алмайды. Балалы болған жағдайда да, Әлпешлеген зүрядын өлтиремен».
17
Олар Қудайға қулақ салмағанлықтан, Қудайым олардан жүз бурады. Халықлар арасында гезенде болады.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14