bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 2
Hosea 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 3 →
1
Жаратқан Ийе былай деди: «Аға-инилериңизди Аммий, әжапа-қарындасларыңызды Рухама, деп шақырың».
2
«Анаңыздың айыбын бетине басың, аўа, айыбын бетине басың, Ол енди ҳаялым емес, Мен де оның күйеўи емеспен. Жүзиндеги бузықшылық бояўын өширип, Алып тасласын көкирегиндеги бузықшылық белгисин.
3
Болмаса, Өзим оның кийимин шешип, жалаңаш қыламан, Анасынан туўылғандай етип, ҳәммениң алдына қояман. Кеўип қалған жердей, шөл даладай етип, Суўсызлықтан өлтиремен.
4
Балаларына реҳим қылмайман, Өйткени олар бузықшылықтан туўылған.
5
Олардың анасы бузықшылық қылды, Шерменделик пенен оларға ҳәмиледар болды. Ол былай деди: „Ойнасларымның изинен еремен, Нанымды, суўымды, жүн ҳәм зығыр таўарымды, Зәйтүн майымды ҳәм ишимлигимди олар береди“.
6
Соның ушын, тосаман жолын тикенлер менен, Жолын таба алмасын деп, дийўал қураман.
7
Ойнасларының изинен қуўады, Бирақ оларға жете алмайды, Оларды излейди, бирақ таба алмайды. Сонда ол былай дейди: „Күйеўимниң алдына қайтып барайын, Сол ўақыттағы аўҳалым ҳәзиргиден жақсы еди!“
8
Бийдай, шарап ҳәм зәйтүн майын, Оған Мен бергенимди билмеди. Баал ушын қолланған гүмис пенен алтынды да, Оған Мен бергенимди билмеди.
9
Соның ушын, зүрәәт ўақтында тартып аламан бийдайымды, Жыйын-терим мәўсиминде алып қояман таза шарабымды. Жалаңаш денесин жаўып турған жүн ҳәм зығыр таўарларымды қайтарып аламан.
10
Мине, енди ойнасларының көз алдында, Оны жалаңашлап, абырайын төгемен, Ҳеш ким оны қутқара алмайды Мениң қолымнан.
11
Пүткил қуўанышларына, үлкен байрамларына, Жаңа Ай байрамына ҳәм Шаббат күнлерине, Барлық белгиленген байрамларына шек қояман.
12
„Ойнасларымның берген төлеми“, деп айтқан, Жүзимзарлары менен әнжир бағларын ўайран етемен, Ҳәммесин тоғайлыққа айландыраман. Бағлары жем болады жабайы ҳайўанларға.
13
Баалларға арналған байрам күнлери, Оған арнап түтетки түтеткени ушын, Сырға ҳәм тағыншақлар менен безенип, Ойнасларының изинен жүрип, Мени толық умытқаны ушын, оны жазалайман», – дейди Жаратқан Ийе.
14
«Ал енди, оның кеўлин табаман, Шөлге алып барып, жыллы сөйлесемен.
15
Соннан кейин оған жүзимзарларын қайтарып беремен, Ахор ойпатлығын үмит есиги қыламан. Жаслық ўақтындағыдай, Мысырдан шыққан күнлериндегидей, Ол Маған: „Аўа“, – деп жуўап береди.
16
Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – сен Мени „Күйеўим“, деп шақырасаң, артық „Мырзам“ демейсең.
17
Бааллардың атларын қайтып тилиңе алмайтуғын қыламан. Олардың атлары қайтадан ядқа алынбайды.
18
Сол күни олар ушын жабайы ҳайўанлар, аспандағы қуслар ҳәм жер баўырлаўшылар менен келисим дүземен. Сол жерден садақ ҳәм қылышларды, барлық саўаш қуралларын жоқ қыламан. Сонда олар қәўипсиз жататуғын болады.
19
Мен сени Өзиме мәңгиге некелеп аламан. Саған ҳәмме ўақытта әдалатлы ҳәм әдил, сүйиспеншиликли ҳәм мийрим-шәпәәтли қатнаста боламан.
20
Сениң менен болған некеге садық қаламан, сен Мени Жаратқан Ийе, деп билесең.
21
Сол күни жуўап беремен, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен аспанға, аспан болса жерге жуўап береди.
22
Жер бийдай, таза шарап ҳәм зәйтүн майы менен жуўап береди, Олар Изреелге жуўап береди.
23
Сол ўақытта Мен оны Өзим ушын усы жерге егемен. Ло-Рухамаға реҳим көрсетемен, Ло-Аммийге: „Мениң халқым“, – деймен. Ол да Мени: „Мениң Қудайым“, – деп шақырады».
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14