bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Hosea 14
Hosea 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
1
Самария өз Қудайына қарсы бас көтерди, Енди олар гүнасының жазасын тартып, қылыштан өледи. Душпанлар жерге урып өлтиреди бөпелерин, Жүкли ҳаялларының қарынларын жарады.
2
Қудайың Жаратқан Ийеге қайт, ҳәй Израил, Өйткени гүнаң себепли қуладың.
3
Тәўбе етип, Жаратқан Ийеге қайт, Оған айт: «Барлық гүналарымызды кешир, Дуўамызды қабыл ет. Буғаларды қурбанлық қылғандай, Саған алғыс-мақтаў усынамыз.
4
Ассирия бизлерди қутқара алмайды, Минбеймиз саўаш атларына. Енди қолдан соғылған бутларды „қудайымыз“, демеймиз. Себеби жетим Сеннен реҳим табады».
5
Жаратқан Ийе былай дейди: «Шыпа берип халқыма, опасызлықтан қайтараман, Сүйемен шын кеўилден оларды. Себеби оларға деген ғәзебим қайтты.
6
Шық сыяқлы боламан Израилға, Сонда Израил лала гүлдей ашылады, Лебанон кедри сыяқлы тамыр жаяды.
7
Олардың шақалары жайылып, Зәйтүн ағашындай көркем болады. Лебанондағы кедр ағашындай хош ийис таратады.
8
Олардың саясында және халықлар жасайды, Олар мол бийдай жетистирип, жүзимдей гүллейди. Лебанон шарабындай белгили болады.
9
Эфрайым былай десин: „Бутлар маған керек емес! Қудайдың даўысына қулақ саламан, Нәзеримди Оған қаратаман, Мен жасыл сәрўи ағашындай боламан“. Мен сен алған мол зүрәәтиңниң булағыман».
10
Ким дана болса, усы жазылған сөзлерди түсинеди, Ким ақыл-парасатлы болса, булардың барлығын аңлайды. Жаратқан Ийениң жоллары туўры, Бул жолдан жүреди ҳақ адамлар, Бирақ гүнакарлар бул жолларда сүрнигип жығылады.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14