bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 11
Matthew 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 12 →
1
Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды.
2
Яқыя қамақта отырып, Масийхтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип:
3
«Келетуғын Сол сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты.
4
Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер.
5
Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, тери кеселлигине шалынғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
6
Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди.
7
Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
8
Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо.
9
Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
10
Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен алдыңнан Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң алдыңда баратуғын жолыңды таярлап қояды».
11
Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
12
Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр.
13
Яқыя келиўге дейин барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Аспан Патшалығы ҳаққында пайғамбаршылық етип келген.
14
Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя.
15
Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
16
Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ жыламадыңлар!» – деп бақырып отырған балаларға уқсайды.
18
Себеби Яқыя келип, ишип-жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести.
19
Адам Улы келип, ишип-жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм мәскүнем адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
20
Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады:
21
– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан аза кийимин кийип, басына күл шашып, тәўбе еткен болар еди.
22
Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
23
Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәраматлы ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди.
24
Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.
25
Сол ўақытта Ийса сөзин даўам етип: – О, Әке, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман!
26
Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
27
Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
28
Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен.
29
Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады.
30
Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28