bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 4
Matthew 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 5 →
1
Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды.
2
Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды.
3
Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди.
4
Ийса жуўап қайтарып: «Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды», – деп айтылған, – деди.
5
Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да,
6
Оған: – Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секир. Себеби былай деп жазылған: «Ол периштелерине буйрық береди. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, Олар Сени қолларында алып жүреди», – деди.
7
Ийса оған: – «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!» – деп те жазылған, – деди.
8
Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатын көрсетип:
9
– Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10
Сонда Ийса оған: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! «Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
11
Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
12
Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти.
13
Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафталий дөгерегиндеги көлдиң жағасында жайласқан Капарнаҳум қаласына келип орналасты.
14
Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
15
«Ҳәй, Зебулон жери менен Нафталий жери, Теңизге баратуғын жолдағы, Иорданның арғы жағасындағы, Басқа миллетлер жасайтуғын Галила ели!
16
Қараңғылықта жасаған халық Үлкен бир жарықты көрди. Өлим қараңғысында жасағанлар ушын, Жақтылық нуры түсти».
17
Сол ўақыттан баслап, Ийса: – Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.
18
Ийса Галила көлиниң жағасында жүргенде, көлге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди.
19
Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар қыламан, – деди.
20
Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
21
Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды.
22
Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.
23
Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди.
24
Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди.
25
Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген көп халық ерип жүрди.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28