bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 2
Matthew 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 3 →
1
Ийса Яҳудияның Бейтлеҳем қаласында, патша Ҳиродтың заманында туўылды. Узақ ўақыт өтпей, Ерусалим қаласына күншығыстан жулдыз изертлеўшилер келип:
2
– Яҳудийлердиң жаңа туўылған Патшасы қаяқта екен? Өйткени бизлер күншығыста Оның жулдызын көрип, Оған табыныўға келдик, – деп сорады.
3
Буны еситкен патша Ҳирод ҳәм оның менен бирге пүткил Ерусалим қаласы тынышсызланып қалды.
4
Ҳирод халықтың барлық бас руўханийлерин ҳәм диний муғаллимлерин жыйнап алып, олардан Масийхтың қай жерде туўылыўы тийис екенин сорады.
5
Олар былай деди: – Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы мынадай сөзлер жазылған:
6
«Ҳәй, Яҳуда жериндеги Бейтлеҳем! Яҳудадағы баслы қалалардан сен ҳеш кем емессең! Өйткени Мениң халқым Израилды бағатуғын Көсем Сеннен шығады».
7
Сонда Ҳирод жулдыз изертлеўшилерди жасырын шақыртып, олардан жулдыздың шыққан ўақтын билип алды.
8
Оларды Бейтлеҳемге жиберип: – Барып, Нәресте ҳаққында жақсылап билип алың. Оны тапқаннан кейин, маған хабар бериң, мен де барып Оған табынайын, – деди.
9
Олар патшаның сөзин еситип болып, жүрип кетти. Сонда өзлери күншығыста көрген жулдыз олардың алдында жүрип, жол көрсетти ҳәм Нәресте жатқан үйдиң үстинде тоқтады.
10
Жулдызды көргенде, олар қатты қуўанды.
11
Үйге кирип, Нәрестени ҳәм Оның анасы Мәриямды көрди де, Нәрестениң аяғына жығылып, Оған табынды. Өзлериниң ғәзийне ыдысларын ашып, Оған алтын, ладан ҳәм мирра деген хош ийисли затларды сыйға берди.
12
Олар Ҳиродқа қайтып бармаў ҳаққында түслеринде ескертилгенликтен, басқа бир жол менен өз еллерине қайтып кетти.
13
Жулдыз изертлеўшилер кеткеннен кейин, Жаратқан Ийениң бир периштеси Юсуптиң түсине енип: – Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Мысырға қаш! Саған өзим хабар бергенимше, сол жерде бол! Себеби Ҳирод Нәрестени өлтириў ушын излемекте, – деди.
14
Юсуп турды да, Нәресте менен анасын алып, түн ишинде Мысырға қашып кетти.
15
Ҳиродтың өлимине шекем сол жерде болды. Солай етип, Жаратқан Ийениң: «Улымды Мысырдан шақырып алдым», – деп пайғамбар арқалы алдын ала айтқан сөзлери орынланды.
16
Ал Ҳирод жулдыз изертлеўшилердиң алдап кеткенин түсинип, қатты ашыўланды. Жулдыз изертлеўшилерден ўақытты билип алған ол Бейтлеҳемдеги ҳәм оның дөгерегиндеги еки жасқа шекемги ул балалардың ҳәммесин өлтириўди буйырды.
17
Солай етип, Еремия пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
18
«Рамадан бир даўыс еситилди, Қатты зарлап жылаған. Балаларын жоқлап жылар Раҳила. Жубанғысы келмес, өйткени жоқ енди олар».
19
Ҳирод өлгеннен кейин, Жаратқан Ийениң бир периштеси Мысырда Юсуптиң түсине енип:
20
– Орныңнан тур да, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайт. Себеби Нәрестени өлтирмекши болғанлар өлди, – деди.
21
Юсуп турып, Нәресте менен анасын алып, Израил елине қайтты.
22
Бирақ Яҳудияда Ҳиродтың орнына баласы Архелай патша болып отырғанын еситип, Юсуп ол жерге барыўға қорқты. Түсинде аян арқалы ескертилген ол Галила үлкесине кетип,
23
Насыра деген қалаға орналасты. Солай етип, «Ол насыралы деп аталады», деп пайғамбарлардың алдын ала айтқанлары орынланды.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28