bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 25
Matthew 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 26 →
1
– Сол күни Аспан Патшалығы шыраларын алып, күйеўди қарсы алыўға шыққан он қызға уқсайды.
2
Олардың бесеўи ақылсыз, ал бесеўи ақыллы болыпты.
3
Ақылсыз қызлар шыраларын алыпты да, бирақ аўысық май алмай шығыпты.
4
Ал ақыллы қызлар шыралары менен қоса май қуйылған ыдысларын да алып шығыпты.
5
Күйеў кешиккеннен соң олардың ҳәммеси қалғып, уйықлап қалыпты.
6
Бирақ түн ортасы болғанда: «Күйеў киятыр, оны қарсы алыўға шығыңлар», – деп бақырған даўыс еситилипти.
7
Сонда қызлардың ҳәммеси турып, өзлериниң шыраларын таярлапты.
8
Ақылсыз қызлар ақыллыларға: «Бизлерге майларыңыздан аз-маз бериңлер, шыраларымыз сөнип атыр», – депти.
9
Ал ақыллы қызлар: «Бизлерге де, сизлерге де жетпей қалыўы мүмкин, жақсысы, сатыўшыларға барып сатып алыңлар», – деп жуўап берипти.
10
Олар май сатып алыўға кеткен ўақытта күйеў келипти. Таяр турған қызлар оның менен бирге тойханаға киргеннен соң, қапы бекитилипти.
11
Соңынан қалған қызлар да келип: «Ийем! Ийем! Бизлерге қапыны аш!» – деп жалыныпты.
12
Бирақ ол: «Сизлерге шынын айтып турман: мен сизлерди танымайман!» – деп жуўап қайтарыпты.
13
Солай етип, сергек болыңлар, себеби Адам Улының келетуғын күнин ҳәм ўақтын билмейсизлер.
14
– Аспан Патшалығы бир адамның сапарға кетпесинен бурын хызметшилерин шақырып алып, оларға өзиниң мал-мүлкин аманат еткенине уқсайды.
15
Олардың уқыбына қарай, биреўине бес, екиншисине еки, үшиншисине бир талант берип, жолға атланыпты.
16
Бес талант алғаны дәрриў барып, ақшаны саўдаға айландырып, және бесеўин арттырыпты.
17
Еки талант алғаны да солай ислеп, және екеўин арттырыпты.
18
Бир талант алғаны барып, хожайынының ақшасын жерге көмип жасырыпты.
19
Арадан көп ўақыт өткеннен соң хызметшилердиң хожайыны қайтып келип, олардан есап талап етипти.
20
Сонда бес талант алғаны және бесеўин әкелип: «Хожайын, маған бес талант берген едиңиз, минекей, мен және бесеўин арттырдым», – депти.
21
Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма шерик бол!» – депти.
22
Еки талант алғаны да келип: «Хожайын, сиз маған еки талант берген едиңиз, минекей, мен және екеўин арттырдым», – депти.
23
Хожайыны оған: «Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим! Кишкене исте исенимли болдың, мен саған үлкен ис тапсырмақшыман. Жүр, мениң қуўанышыма шерик бол!» – депти.
24
Соңынан бир талант алғаны да келип: «Хожайын, сизиң қатал адам екениңизди билемен. Сиз өзиңиз екпеген жериңизден орып, шашпаған жериңизден жыйнайсыз.
25
Сонлықтан мен сизден қорқып, талантыңызды жерге көмип жасырған едим. Минекей, ақшаңыз, алың», – депти.
26
Ал хожайыны оған жуўап қайтарып былай депти: «Ҳәй, жаман ҳәм жалқаў хызметшим! Мениң өзим екпеген жерден орып, шашпаған жерден жыйнайтуғынымды биледи екенсең,
27
мениң ақшамды айланысқа жиберетуғын адамға бериўиң тийис еди, қайтып келгенимде өзимдикин пайдасы менен алар едим.
28
Енди оннан талантты алыңлар да, оны он таланты барға бериңлер!
29
Өйткени кимде бар болса, оған және де мол етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
30
Ал мына жарамсыз хызметшини сыртқа, қараңғылыққа шығарып таслаңлар. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди ».
31
– Адам Улы Өз салтанаты ишинде барлық периштелери менен бирге келгенде, Өзиниң салтанатлы тахтына отырады.
32
Сонда барлық халықлар Оның алдына жыйналады ҳәм Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, оларды айырып бөледи.
33
Қойларды оң жағына, ешкилерди сол жағына қояды.
34
Сонда Патша оң жағындағыларға: «Келиңлер, Әкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған патшалықты мийрас етип алыңлар.
35
Себеби Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бердиңлер, шөллегенимде, суў бердиңлер, жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алдыңлар.
36
Жалаңаш болғанымда, кийим бердиңлер, наўқас болғанымда, ғамхорлық қылдыңлар, қамақта болғанымда, Маған келдиңлер», – дейди.
37
Сонда ҳақ адамлар Оған: «Ийем! Бизлер қашан аш болғаныңды көрип, Саған аўқат бердик, қашан шөллегениңди көрип, суў бердик?
38
Қашан жат жерде жүргениңди көрип, Сени қабыл еттик, қашан жалаңаш болғаныңда, кийим бердик?
39
Қашан наўқас ямаса қамақта болғаныңды көрип, Саған бардық?» – дейди.
40
Патша оларға жуўап берип: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди Мениң мына ең қарапайым туўысқанларымның биреўине ислегениңиз – Маған ислегениңиз болады», – дейди.
41
Соннан кейин, Ол сол жағындағыларға: «Ҳәй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳәм оның периштелери ушын таярлап қойылған мәңгилик отқа кетиңлер!
42
Өйткени Мен аш болғанымда, сизлер Маған аўқат бермедиңлер, шөллегенимде, суў бермедиңлер.
43
Жат жерде жүргенимде, Мени қабыл алмадыңлар, жалаңаш болғанымда, кийим бермедиңлер, наўқас болғанымда, қамақта болғанымда, Маған келмедиңлер», – дейди.
44
Сонда олар жуўап берип: «Ийем! Бизлер Сениң қашан я аш болғаныңды, я шөллегениңди, я жат жерде жүргениңди, я жалаңаш, я наўқас, я қамақта болғаныңды көрип, Саған хызмет етпедик?» – дейди.
45
Сонда Патша жуўап қайтарып: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлердиң усы ислерди мына ең қарапайым биреўине ислемегениңиз – Маған ислемегениңиз болады», – дейди.
46
Солай етип, олар мәңгилик азапқа жибериледи, ал ҳақ адамлар мәңгилик өмирге ериседи.
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 26 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28