bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 12
Matthew 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 13 →
1
Бир Шаббат күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратыр еди. Шәкиртлери аш болып, бийдайдың масақларын үзип алып жей баслады.
2
Буны парисейлер көрип, Оған: – Қара, Сениң шәкиртлериң Шаббат күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
3
Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аш болғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4
Ол Қудайдың Үйине кирип, руўханийлерден басқа өзине де, қасындағыларға да жеўге болмайтуғын, усынылған нанларды жеген емес пе?
5
Шаббат күнинде руўханийлер Ибадатханада Шаббат күнине байланыслы қағыйданы бузса да гүнасыз болатуғынын Мухаддес Нызамда оқымағансызлар ма?
6
Сизлерге айтатуғыным: бул жерде Ибадатханадан да уллы Биреў бар.
7
Егер сизлер: «Мен қурбанлықты емес, ал мийрим-шәпәәтти қәлеймен», – деген сөздиң мәнисин түсингениңизде еди, гүнасызларды айыпламаған болар едиңиз.
8
Адам Улы Шаббат күниниң де ийеси, – деди.
9
Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди.
10
Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды: – Шаббат күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?
11
Ийса оларға: – Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол Шаббат күни бир шуқырға түсип кетсе, оны шығарып алмай ма?
12
Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, Шаббат күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.
13
Соңынан Ол қолы ләң адамға: – Қолыңды соз! – деди. Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды.
14
Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
15
Бирақ Ийса буны билип, сол жерден кетип қалды. Оның изине көп халық ерип жүрди. Ол аўырыўлардың ҳәммесине шыпа берип,
16
Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қадаған ететуғын еди.
17
Бул Қудайдың Ийшая пайғамбар арқалы айтқан сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
18
«Бул – таңлап алған Қулым, Кеўлим унатқан Сүйиклим. Мен Өз Руўхымды Оған беремен. Ол ҳәмме миллетлерге әдалатты жәриялайды.
19
Тартыспайды да, бақырмайды да, Көшелерде Оның сести еситилмейди.
20
Әдалат жеңиске ериспегенше, Ол майысқан қамысты сындырмайды, Пысқып турған пиликти де өширмейди.
21
Халықлар Оның атына үмит байлайды».
22
Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады.
23
Адамлардың ҳәммеси қатты таң қалысып: – Даўыттың Урпағы – Усы емес пе екен? – дести.
24
Буны еситкен парисейлер: – Ол жинлерди тек жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен ғана қуўып шығарып жүр, – деди.
25
Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды.
26
Ал егер шайтан өзин өзи қуўып шығарса, онда оның өз ара қарсы болып бөлингени болады. Олай болса, оның патшалығы қалай сақланады?
27
Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүрген болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
28
Бирақ Мен жинлерди Қудайдың Руўхы менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Қудайдың Патшалығының жетип келгени.
29
Ким дәслеп күшли адамды байлап тасламай турып, оның үйине кирип, мал-мүлкин тартып әкете алады? Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады.
30
Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
31
Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: адамлар ҳәр қандай гүна ислесе де, Қудайға тил тийгизсе де кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, кеширилмейди.
32
Ким де ким Адам Улына қарсы бир сөз айтса, кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа қарсы сөйлеген ҳәзир де, келешекте де кеширилмейди.
33
Теректи жақсы деп санасаңлар, мийўесин де жақсы деп санаңлар, ал теректи жаман деп санасаңлар, мийўесин де жаман деп санаңлар. Себеби терек мийўесинен билинеди.
34
Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер өзлериңиз жаман бола тура, қалай жақсы сөзлер сөйлей аласызлар? Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады.
35
Жақсы адам кеўлиндеги жақсылық ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаманлық ғәзийнесинен жаманлық шығарады.
36
Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўи шәрт.
37
Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да.
38
Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға: – Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.
39
Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды: – Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
40
Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады.
41
Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
42
Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
43
– Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди, бирақ таба алмайды.
44
Сонда ол өзине: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди ҳәм қайтып келгенде, үйдиң бос болып, тазаланып ҳәм жыйналып турғанын көреди.
45
Сонда ол барып, өзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады. Бул жаман әўладқа да сондай болады!
46
Ийса халыққа сөйлеп турғанда, анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар сыртта турып, Оның менен сөйлеспекши болды.
47
Сонда биреў Оған: – Анаң менен туўысқанларың Сениң менен сөйлеспекши болып, сыртта турыпты, – деди.
48
Ол буны айтқан адамға қарап: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
49
Өзиниң шәкиртлерин қолы менен көрсетип былай деди: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
50
Себеби ким де ким Мениң аспандағы Әкемниң еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28