bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 14
Matthew 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 15 →
1
Сол ўақытта Ийса ҳаққында хабарды Галила үлкесиниң ҳүкимдары Ҳирод та еситип,
2
өз хызметкерлерине: – Бул адам – шомылдырыўшы Яқыя. Ол өлимнен қайта тирилипти, сонлықтан да усындай кәраматлар ислемекте, – деди.
3
Буннан бурын Ҳирод өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродия себепли Яқыяны услап алып байлатып, қаматып таслаған еди.
4
Өйткени Яқыя оған: «Оны ҳаял қылып алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.
5
Ҳирод Яқыяны өлтирмекши де болып еди, бирақ халықтан қорқты. Себеби халық Яқыяны пайғамбар деп санайтуғын еди.
6
Ал Ҳиродтың туўылған күнинде, Ҳиродияның қызы жыйналған қонақлардың алдында ойынға түсип, Ҳиродтың кеўлинен шықты.
7
Соның ушын ол қызға сораған нәрсесин бериўге ўәде берип, ант ишти.
8
Қыз анасының кеңеси бойынша: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып, маған усы жерге әкелип бериң, – деди.
9
Патша буған қыйналса да, қонақларының алдында ант ишкенликтен қызға сорағанын бериўди буйырды.
10
Солай етип, патша адам жиберип, қамақта Яқыяның басын кесип алдыртты.
11
Табаққа салып әкелинген бас қызға берилди. Қыз оны анасына апарып берди.
12
Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетип жерледи. Соннан соң барып, Ийсаға хабарлады.
13
Ийса буны еситкеннен кейин қайыққа минип, елсиз бир жерге жалғыз кетип қалды. Бул туўралы еситкен халық өз қалаларынан шығып, пиядалап Оның изине ерди.
14
Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрди, оларға жаны ашып, аўырыўларына шыпа берди.
15
Кеш болғанда шәкиртлери қасына келип, Оған: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. Халықты тарқатып жибер, олар аўылларға барып, өзлерине аўқат сатып алсын, – деди.
16
Бирақ Ийса: – Олардың кетиўиниң ҳәжети жоқ, оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди.
17
– Бизлерде тек бес нан менен еки балық ғана бар, – деди олар.
18
Ийса: – Оларды бул жерге, Маған алып келиңлер, – деди.
19
Соңынан халыққа шөпли жерге отырыўды буйырды да, бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, шәкиртлерине берди, олар халыққа үлестирди.
20
Ҳәммеси жеп тойды, аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
21
Ал жегенлер ҳаял ҳәм балалардан басқа бес мыңдай адам еди.
22
Буннан соң дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди.
23
Халықты тарқатып жибергеннен соң, Ийса дуўа етиў ушын жалғыз Өзи таўға шықты, кеште де сол жерде жалғыз қалды.
24
Ал сол ўақытта көлдиң жағасынан узақласқан қайықты толқынлар соққылай баслады, өйткени күшли самал қайыққа қарсы есип тур еди.
25
Ерте таңда Ийса көлдиң үсти менен жүрип, оларға жақынлай баслады.
26
Шәкиртлери көлдиң үсти менен киятырған Оны көргенде зәррелери ушып: – Бул әрўақ, – деп қатты қорқып бақырысты.
27
Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен, қорқпаңлар, – деди.
28
Петр Оған жуўап берип: – Ийем! Егер бул Сен болсаң, маған суўдың үсти менен Сениң қасыңа жүрип барыўды буйыр, – деди.
29
Ийса: – Кел, – деди. Петр қайықтан түсип, Ийсаға қарай суўдың үсти менен жүрип кетти.
30
Бирақ ол самалдың күшли екенин көргенде қорқып кетип, суўға бата баслағанда: – Ийем! Мени қутқар! – деп бақырды.
31
Ийса дәрриў қолын созып, оны тартып алды да, оған: – Ҳәй, исеними аз! Сен неге гүманландың? – деди.
32
Олар қайыққа мингенде, самал тынып қалды.
33
Қайықтағы шәкиртлери Ийсаның аяғына жығылып: – Сен шынында да, Қудайдың Улысаң! – дести.
34
Олар көлдиң арғы жағасына өтип, Геннесарет жерине келип тоқтады.
35
Сол жердиң турғынлары Ийсаны танып, пүткил дөгерекке хабарлады ҳәм аўырған адамлардың ҳәммесин Оған алып келди.
36
Олар Ийсадан тек кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28