bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 27
Matthew 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 28 →
1
Таң атқанда, барлық бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Ийсаны өлтириў туўралы кеңести де,
2
Оны байлатып, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды.
3
Сонда Ийсаға сатқынлық қылған Яҳуда Оның жазаға ҳүким етилгенин көрип өкинди де, алған отыз гүмис теңгени бас руўханийлер менен халық ақсақалларына қайтарып берип:
4
– Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим, – деди. Олар оған: – Бизлерге не? Өзиң бил, – деди.
5
Сонда Яҳуда гүмисти Ибадатхананың ишине ылақтырып таслады да, сыртқа шығып кетип, асылып өлди.
6
Бас руўханийлер гүмисти алып: – Буны Ибадатхана қазнасына салыўға болмайды, себеби бул қанның қуны, – деди.
7
Олар өз ара ойласып, сол ақшаға гүлалшының егислик жерин сатып алды да, оны жат жерден келгенлерди жерлеўге арнады.
8
Сонлықтан сол жер усы күнге дейин «Қан жери» деп аталады.
9
Солай етип, Еремия пайғамбардың алдын ала айтқан мына сөзлери орынланды: «Олар отыз шекел гүмисти, яғный Израилдың урпақлары баҳалаған Оның қунын алып,
10
Жаратқан Ийе маған айтқанындай, гүлалшының егислик жери ушын берди».
11
Ийса римли ҳәкимниң алдында турғанда, ҳәким Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди өзиң айтып турсаң, – деп жуўап берди.
12
Ал бас руўханийлер менен халық ақсақаллары Оны айыплағанда, Ол ҳеш жуўап бермеди.
13
Сонда Пилат Оған: – Саған қарсы қаншама гүўалықлар берилип атырғанын еситип турған жоқсаң ба? – деди.
14
Бирақ өзиниң бирде бир сөзине Ийсаның жуўап қайтармағанына ҳәким қатты ҳайран қалды.
15
Қутқарылыў байрамында халық сораған бир тутқынды босатып бериў ҳәкимниң әдети еди.
16
Сол ўақытта қамақта Барабба деген белгили бир жынаятшы бар еди.
17
Халық жыйналып болғанда, Пилат оларға былай деди: – Сизлер кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Бараббаны ма ямаса Масийх деп аталатуғын Ийсаны ма?
18
Өйткени ол олардың Ийсаны өзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
19
Пилат ҳүким гүрсисинде отырғанда, ҳаялы оған мынадай хабар жиберди: «Сол ҳақ Адамға ҳеш нәрсе ислеме. Мен бүгин түсимде Ол себепли көп азап шектим».
20
Бас руўханийлер менен халық ақсақаллары халықты үгитлеп: – Бараббаны босатып берип, Ийсаны өлтириўди талап етиңлер, – деди.
21
Ҳәким олардан және: – Сизлерге екеўиниң қайсысын босатып бериўимди қәлейсизлер? – деп сорады. Олар: – Бараббаны, – деди.
22
Пилат олардан: – Ал Масийх деп аталатуғын Ийсаға не ислейин? – деп сорады. Олардың ҳәммеси де: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
23
Ал Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп қаттырақ бақырысты.
24
Пилат ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын ҳәм қозғалаң басланажағын сезип, суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып: – Бул адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, сизлер жуўапкерсиз, – деди.
25
Пүткил халық: – Оның қаны ушын бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жуўапкер болғаймыз! – деп жуўап қайтарды.
26
Сонда Пилат оларға Бараббаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
27
Сонда ҳәкимниң әскерлери Ийсаны ҳәким Пилаттың сарайына алып барып, Оның алдына пүткил әскерлерди жыйнады.
28
Оның кийимлерин шешип, үстине қырмызы шапан жапты да,
29
тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына кийгизди. Оң қолына қамыс таяқты услатты да, Оның алдына дизерлеп отырып: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп мазақ етти.
30
Оған түкирди, қамысты алып, Оның басына урды.
31
Оны масқаралап болғаннан кейин, үстиндеги шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
32
Әскерлер шығып баратырғанда Шимон атлы бир киренели адамды ушыратып, оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
33
Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге келгенде,
34
олар Ийсаға өт қосылған шарапты ишиўге берди, бирақ Ол татып көрип, ишиўден бас тартты.
35
Оны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң шек тасласып, кийимлерин өз ара бөлисти,
36
соңынан отырып, Оны қараўыллады.
37
Оның айыбын көрсететуғын: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ ИЙСА» деген жазыўды басының үсти бетине, ағашқа қағып қойды.
38
Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң тәрепине, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи.
39
Ийсаның жанынан өтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип:
40
– Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен! Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, қәнекей, Өзиңди Өзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип көрши! – дести.
41
Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оны мазақ қылып былай деди:
42
– Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенемиз.
43
Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», – деген еди-ғо.
44
Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленген қарақшылар да Оны усылай мазақ етти.
45
Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин, пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
46
Саат үшлер шамасында Ийса қатты даўыс пенен: – Элий, Элий! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.
47
Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ол Илиясты шақырып атыр, – деди.
48
Дәрриў олардың биреўи жуўырып барып, бир сорғышты сирке суўына батырып алды да, оны таяққа қадап, Оған ишиўге берди.
49
Ал басқалары: – Тоқтай тур, Илияс келип, Оны қутқарар ма екен, көрейик, – дести.
50
Ийса және бәлент даўыс пенен бақырды да, жан тапсырды.
51
Сол ўақытта-ақ Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлинди. Жер силкинип, жартаслар жарылды.
52
Қәбирлер ашылып, жатырған мухаддеслердиң көбиси қайта тирилди.
53
Ийса қайта тирилгеннен кейин, олар қәбирлеринен шығып, мухаддес қалаға барды ҳәм көп адамларға көринди.
54
Жер силкиниўдиң ҳәм басқа ўақыялардың болғанын көрген жүзбасы ҳәм оның менен бирге Ийсаны қараўыллағанлар қатты қорқысып: – Бул ҳақыйқаттан да, Қудайдың Улы екен! – дести.
55
Сол жерде узақтан қарап турған көп ҳаяллар да бар еди, олар Ийсаның изине Галиладан ерип келип, Оған хызмет еткен еди.
56
Олардың арасында магдалалы Мәриям, Яқып пенен Юсуптиң анасы Мәриям ҳәм Зебедейдиң улларының анасы да бар еди.
57
Кеш болғанда, Ариматиядан Юсуп атлы бир бай адам келди. Ол да Ийсаның шәкирти еди.
58
Ол Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады. Пилат оған бериўди буйырды.
59
Юсуп денени алып, оны таза зығыр кепинге орады да,
60
өзиниң жартаста ойылған жаңа қәбирине апарып қойды. Соңынан үлкен бир тасты домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды.
61
Магдалалы Мәриям менен басқа Мәриям сол жерде, қәбирдиң қарсысында отырған еди.
62
Келеси күни, яғный яҳудийлердиң таярлық күнинен кейинги Шаббат күни бас руўханийлер менен парисейлер Пилаттың алдына жыйналып,
63
оған: – Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: «Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», – дегени есимизге түсти.
64
Сонлықтан да, шәкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», – деп айтпаўы ушын, Оның қәбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады, – деди.
65
Пилат оларға: – Сақшылар бар-ғо. Барып, қәбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер, – деди.
66
Олар барып, тасқа мөр басты да, қәбирге сақшы қойды.
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 28 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28