bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Matthew 24
Matthew 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 25 →
1
Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди.
2
Сонда Ийса оларға: – Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3
Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип: – Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4
Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар!
5
Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» деп, көп адамларды алдайды.
6
Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар туўралы хабарларды еситесизлер, бирақ қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес.
7
Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады.
8
Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўына уқсайды.
9
Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди.
10
Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди.
11
Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды.
12
Нызамсызлық көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды.
13
Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
14
Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
15
– Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың мухаддес орында турғанын көргениңизде, – пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин, –
16
Яҳудиядағылар таўларға қашсын.
17
Ким де ким тамның төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алыў ушын төменге түспесин.
18
Ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын.
19
Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады!
20
Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса Шаббат күнине туўры келмесин деп, дуўа етиңлер.
21
Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады.
22
Егер сол күнлер қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ таңлап алынғанлар ушын, сол күнлерди қысқартады.
23
Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масийх бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер.
24
Өйткени жалған масийхлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди.
25
Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26
Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер.
27
Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады.
28
Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.
29
– Сол күнлердиң апатынан соң, «Бирден қуяш қараңғыланады, Ай өз жақтысын түсирмейди, Жулдызлар аспаннан түсип, Аспан күшлери силкинеди».
30
Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көреди.
31
Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
32
– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер.
33
Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер!
34
Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады.
35
Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
36
– Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи.
37
Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады.
38
Өйткени топан суўынан бурын, Нух кемеге минген күнге дейин, адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты.
39
Топан суўы басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады.
40
Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
41
Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42
Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер.
43
Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди.
44
Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45
Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким?
46
Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы!
47
Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
48
Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап,
49
хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе,
50
сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип,
51
оны аяўсыз жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28