bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 11
2 Kings 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 12 →
1
Яҳуда патшасы Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
2
Бирақ патша Еҳорамның қызы, Ахазияның қарындасы Еҳошеба Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Оны Аталиядан жасырып, өлимнен аман алып қалды.
3
Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Жаратқан Ийениң Үйинде өз тәрбияшысы менен алты жыл жасырын түрде жасады.
4
Жетинши жылы руўханий Еҳояда карлы сақшылар менен сарай сақшыларының жүзбасыларына адам жиберип, оларды өз жанына, Жаратқан Ийениң Үйине алдырды. Сол жерде бул адамлар менен келисим дүзип, оларға ант ишкизгеннен соң, оларға патшаның улын көрсетти.
5
Кейин Еҳояда оларға буйрық берип, былай деди: – Сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келгениңизде, үштен бириңиз патшаның сарайын қорғайсыз.
6
Үштен бириңиз Сур дәрўазасын, ал қалған үштен бириңиз сарай сақшыларының артындағы дәрўазаны қорғайсыз. Усылайынша сарайды қорғайсыз.
7
Шаббат күни хызметтен шыққан басқа еки топар сақшыларыңыздың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Үйиниң жанында патшаны қорғайды.
8
Ҳәр бир адам қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын, ким де ким сапқа жақынласса, ол өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар.
9
Жүзбасылар руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып, руўханий Еҳоядаға келди.
10
Руўханий Жаратқан Ийениң Үйиндеги патша Даўыттан қалған найза ҳәм қалқанларды жүзбасыларға таратты.
11
Патшаны қорғаў ушын Үйдиң қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Үйдиң әтирапына қураллы сақшылар қойылды.
12
Еҳояда патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, халық қол шаппатлап: «Жасасын патша!» – деп қышқырысты.
13
Аталия сақшылардың ҳәм халықтың бақырысқан даўысларын еситип, Жаратқан Ийениң Үйиндеги жыйналған халықтың жанына келди.
14
Қараса, дәстүр бойынша патша Жаратқан Ийениң Үйиниң киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: – Қыянет, қыянет! – деп бақырды.
15
Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Үйинде өлтирилиўин қәлемеди. Сонлықтан жүзбасыларға: – Мына ҳаялды бул жерден алып шығыңлар. Оған ергенлерди қылыштан өткизиңлер, – деп буйрық берди.
16
Аталия тутып алынды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелинип, сол жерде өлтирилди.
17
Руўханий Еҳояда халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, патша, халық ҳәм Жаратқан Ийе арасында келисим дүзди. Ол патша менен халық арасында да келисим дүзди.
18
Үлке халқы Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. Руўханий Еҳояда Жаратқан Ийениң Үйине қараўыллар қойды.
19
Кейин ол жүзбасыларды, карлы сақшыларды, сарай сақшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Үйинен алып шықты. Оны сақшылар дәрўазасының жолы арқалы сарайға алып келди ҳәм ол патшалық тахтқа отырды.
20
Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия патша сарайында қылыш пенен өлтирилген еди.
21
Иоаш тахтқа отырғанда жети жаста еди.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25