bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 24
2 Kings 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 25 →
1
Яҳуда патшасы Еҳоякимниң патшалығы дәўиринде Бабилония патшасы Набуходоносор Яҳудаға ҳүжим жасады. Еҳояким үш жыл оған бағынышлы болып, соңынан оған қарсы бас көтерди.
2
Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яҳуданы жоқ етиў ушын Бабилония, Арам, Моаб ҳәм Аммон еллериниң басқыншы топарларын Яҳудаға жиберди.
3
Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша Яҳуданың басына түсти. Менашше ислеген барлық гүналар себепли, Жаратқан Ийе оны Өз дәргайынан қуўып шығармақшы болды.
4
Себеби Жаратқан Ийе Менашшениң айыпсыз қан төгип, Ерусалимди айыпсызлардың қанына толтырғанын кешириўди қәлемеди.
5
Еҳоякимниң басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
6
Еҳояким өлип, ата-бабаларына қосылды, орнына улы Еҳоякин патша болды.
7
Мысыр патшасы енди өз жеринен сыртқа шықпады. Себеби Бабилония патшасы Мысыр шегарасындағы сайдан Евфрат дәрьясына шекемги Мысыр патшасына тийисли барлық жерлерди басып алған еди.
8
Еҳоякин он сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасы ерусалимли Элнатанның қызы Нехушта еди.
9
Еҳоякин де әкеси сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
10
Сол ўақытлары Бабилония патшасы Набуходоносордың әскерлери Ерусалимге қарсы жүрис қылып, қаланы қамал қылды.
11
Әскерлери қаланы қамал қылғанда, Бабилония патшасы Набуходоносордың өзи де қалаға келди.
12
Сонда Яҳуда патшасы Еҳоякин анасы, ўәзирлери, басшылары ҳәм сарай хызметшилери менен бирге Бабилония патшасына тәслим болды. Бабилония патшасы өз патшалығының сегизинши жылында, Еҳоякинди тутқынға алды.
13
Жаратқан Ийениң алдын ала айтқан сөзи бойынша, Набуходоносор Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди алып кетти. Израил патшасы Сулайманның Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеткен алтын буйымларының ҳәммесин сындырды.
14
Ол және пүткил Ерусалим турғынларын: басшылардың, мәрт жаўынгерлердиң, усталардың ҳәм темиршилердиң барлығын, улыўма он мың адамды сүргин етип алып кетти. Үлкеде жарлы халықтан басқа ҳеш ким қалмады.
15
Бабилония патшасы Набуходоносор Еҳоякинди Бабилонға сүргин етти. Оның анасын, ҳаялларын, сарай хызметшилерин ҳәм үлкениң елбасшыларын да Ерусалимнен Бабилонға сүргин етти.
16
Буннан тысқары Бабилония патшасы жети мың сайланды әскерди, мың уста ҳәм темиршини Бабилонға сүргин етти. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы ҳәм мәрт жаўынгерлер еди.
17
Бабилония патшасы Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Маттанияны патша етип қойды ҳәм атын Седекия деп өзгертти.
18
Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
19
Еҳоякимге уқсап, Седекия да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
20
Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан шығарып таслады. Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25