bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 12
2 Kings 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 13 →
1
Израил патшасы Еҳудың патшалығының жетинши жылында, Иоаш Яҳудаға патша болды ҳәм Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди.
2
Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Өйткени руўханий Еҳояда оған жол көрсететуғын еди.
3
Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4
Сонда Иоаш руўханийлерге былай деди: – Жаратқан Ийениң Үйине арнап алып келинген барлық гүмисти: дизим бойынша жыйналған жан салығын ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине ўәде бойынша берилген ямаса еркли түрде берилген гүмислерди топлаң.
5
Бул гүмислерди руўханийлер қазнашылардан қабыл етип алсын ҳәм оларды Үйдиң бузылған жерлери болса, сол жерлерди оңлаўға сарпласын.
6
Бирақ Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында да руўханийлер Үйдиң бузылған жерлерин еле оңламаған еди.
7
Сонлықтан патша Иоаш руўханий Еҳояданы ҳәм басқа руўханийлерди шақырып, оларға былай деди: – Не ушын Үйдиң бузылған жерлерин оңламай атырсызлар? Ендигиден былай қазнашылардан гүмис алмай, оларды Үйдиң бузылған жерлерин оңлаў ушын бериңлер.
8
Руўханийлер халықтан гүмис алмаўға ҳәм Үйдиң бузылған жерлерин оңлаўға қатнаспаўға ыразы болды.
9
Руўханий Еҳояда бир қуты алып, оның қақпағының үстин тести де, қутыны Жаратқан Ийениң Үйиниң кирер аўзындағы қурбанлық орынның оң жағына қойды. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер Жаратқан Ийениң Үйине алып келинген ҳәмме гүмислерди қутыға салып турды.
10
Қутыға көп гүмис жыйылғанын көргенде, патшаның хаткери менен бас руўханий келип, Жаратқан Ийениң Үйине түскен гүмислерди қалталап, тәрезиге тартып өлшеди.
11
Өлшенген гүмислерди Жаратқан Ийениң Үйиниң ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул гүмислерди Жаратқан Ийениң Үйинде ислеп атырған ағаш усталарына, қурылысшыларға,
12
өриўшилерге ҳәм тас кесиўшилерге төледи. Және де, Жаратқан Ийениң Үйин оңлаў ушын ағаш, жонылған таслар сатып алыўға ҳәм оңлаў ушын керек болған басқа да затларға сарпланды.
13
Бирақ Жаратқан Ийениң Үйинде жыйналған гүмистен Үй ушын гүмис қырмалар, пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, кәрнайлар ҳәм алтын ямаса гүмис буйымлар ислеўде жумсалмады.
14
Себеби бул гүмислер тек жумысшыларға төленип, Жаратқан Ийениң Үйин дүзетиўге сарпланды.
15
Жумысшыларға төлеў ушын гүмис берилген адамлардан ҳеш қандай есап талап етилмеди. Себеби олар ҳадал ислейтуғын еди.
16
Айып ҳәм гүна қурбанлығы ушын берилген гүмислер Жаратқан Ийениң Үйине алып келинбеди, олар руўханийлерге тийисли еди.
17
Сол ўақытта Арам патшасы Хазаел Гат қаласына ҳүжим жасап, оны басып алды. Кейин ол Ерусалимге ҳүжим жасаўға қарар етти.
18
Бирақ Яҳуда патшасы Иоаш өз ата-бабалары болған Яҳуда патшалары Еҳошафаттың, Еҳорамның, Ахазияның ҳәм өзиниң Жаратқан Ийеге атаған мухаддес сыйларының ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Үйинен ҳәм патша сарайының қазнасынан табылған барлық алтынларды Арам патшасы Хазаелге жиберди. Сонда Хазаел де Ерусалимнен шегинди.
19
Иоаштың басқа ислери ҳәм ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
20
Иоаштың хызметшилери қозғалаң көтерип, оған қарсы тил бириктирди ҳәм оны Силлаға баратуғын жолда, Бейт-Миллода өлтирди.
21
Иоашты өлтирген хызметшилери Шимеат улы Иозабад ҳәм Шомер улы Еҳозабад еди. Иоаш өлип, ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына қойылды. Оның орнына улы Амасия патша болды.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25