bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 13
2 Kings 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 14 →
1
Яҳуда патшасы Ахазия улы Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында, Еҳу улы Еҳоахаз Самарияда Израилға патша болды ҳәм он жети жыл патшалық етти.
2
Еҳоахаз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробамның гүналарын даўам етип, олардан бас тартпады.
3
Сол себепли Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, оларды узақ ўақыт Арам патшасы Хазаелдиң ҳәм оның улы Бен-Ҳададтың қолына берип қойды.
4
Сонда Еҳоахаз Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе оны еситти. Себеби Ол Арам патшасының израиллыларды қалай аяўсыз езип атырғанын көрип турған еди.
5
Солай етип Жаратқан Ийе израиллыларға бир қутқарыўшыны жиберди ҳәм израиллылар арам халқының қол астынан қутылып, бурынғыдай өз үйлеринде қәўипсиз жасай баслады.
6
Деген менен, олар Яробамның үй-ишиниң Израилды баслаған гүналарынан бас тартпай, оны даўам етти ҳәм кийели ағаш та Самарияда тура берди.
7
Еҳоахаздың елиў атлысы, он саўаш арбасы ҳәм он мың пияда әскери қалды. Өйткени Арам патшасы оларды қырып, күлин көкке суўырған еди.
8
Еҳоахаздың қалған ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
9
Еҳоахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияға жерледи. Оның орнына улы Еҳоаш патша болды.
10
Яҳуда патшасы Иоаштың патшалығының отыз жетинши жылында, Еҳоахаз улы Еҳоаш Самарияда Израилға патша болды ҳәм он алты жыл патшалық етти.
11
Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмай, сол гүналарды даўам етти.
12
Еҳоаштың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен урысқанда көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
13
Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияда Израил патшаларының жанына жерленди. Оның тахтына улы Яробам отырды.
14
Элиша даўасыз кеселликке шалынды. Израил патшасы Еҳоаш оны көриўге барып: – Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары! – деп жылады.
15
Элиша оған: – Қолыңа оқ жай менен оқларды ал, – деди. Патша оқ жай менен оқларды алды.
16
Элиша: – Оқ жайды кер, – деди. Патша оқ жайды керди. Сонда Элиша қолларын патшаның қоллары үстине қойып:
17
– Шығыс тәрептеги айнаны аш, – деди. Патша айнаны ашты. Элиша: – Оқты ат, – деди. Ол атты. Элиша оған: – Бул оқ – Арам үстинен сени жеңиске еристиретуғын Жаратқан Ийениң жеңис оғы. Сен Афекте оларды толығы менен жоқ қыласаң, – деди.
18
Соңынан: – Оқларды ал, – деди. Патша оқларды алғанда, Элиша оған: – Оқларды жерге ур, – деди. Патша оқларды үш рет жерге урды да, тоқтап қалды.
19
Қудайдың адамының буған ашыўы келип: – Бес-алты рет урыўың керек еди. Сонда арамлыларды толығы менен жеңген болар едиң. Енди арамлыларды тек үш рет ғана жеңе аласаң, – деди.
20
Элиша өлип, жерленди. Ҳәр жылы бәҳәрде Моаб басқыншылары Израилға келетуғын еди.
21
Бир күни израиллылар бир өлини жерлеп атырғанда басқыншыларды көрип қалды ҳәм өлини Элишаның гөрине ылақтырып қашты. Өли дене Элишаның сүйеклерине тийгенде тирилип, аяққа турды.
22
Арам патшасы Хазаел Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде израиллыларға зулымлық етип келди.
23
Бирақ Жаратқан Ийе Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимине гөре, израиллыларға мийрим-шәпәәт көрсетти ҳәм реҳим етип, оларға нәзерин түсирди. Оларды жоқ қылыўды қәлемеди ҳәм бүгинге дейин Өз дәргайынан қуўып жибермеди.
24
Арам патшасы Хазаел өлип, орнына улы Бен-Ҳадад патша болды.
25
Израил патшасы Еҳоаш әкеси Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде қолдан берген қалаларды Хазаелдиң улы Бен-Ҳададтан қайтарып алды. Еҳоаш оны үш рет жеңилиске ушыратып, Израил қалаларына қайта ийелик етти.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25