bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 21
2 Kings 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 22 →
1
Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хефсиба еди.
2
Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
3
Әкеси Хизкия жоқ қылған сыйыныў орынларын қайта тикледи. Израил патшасы Ахабқа уқсап, Баалға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағаш орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4
Менашше Жаратқан Ийениң Үйине, яғный Жаратқан Ийениң: «Мен Ерусалимде Өз атымды орнатаман», – деген Үйине басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5
Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6
Ол өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7
Менашше өзи ислеткен Ашера бутын Жаратқан Ийениң Үйине қойды. Жаратқан Ийе Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Үйде ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8
Егер олар Мениң буйрықларымды ҳәм қулым Муўса буйырған барлық Нызамларды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына берген жерден қуўып шығармайман», – деген еди.
9
Бирақ халық қулақ аспады. Менашшениң халықты жолдан азғырғаны соншелли, Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10
Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы былай деди:
11
«Яҳуда патшасы Менашше өзинен бурын сол жерде жасаған амор халқынан да жаманырақ жеркенишли ислерди ислегени, өз бутлары менен яҳудалыларды гүнаға баслағаны ушын,
12
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Яҳуда елиниң ҳәм оның бас қаласы Ерусалимниң басына еситкен адамның жүрегин суўлататуғын бир апатшылық жаўдыраман.
13
Самарияға қолланған өлшеў жибин ҳәм Ахабтың үй-ишине қолланған өлшемди Ерусалимге де қолланаман. Табақты сыпырып, төңкерип қойғаны сыяқлы, Ерусалимди де солай сыпырып тазалайман.
14
Халқымның қалғанларынан жүз бураман, оларды душпанларының қолына тапсыраман. Душпанлары оларды тонап, талан-тараж етеди.
15
Себеби олар Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм ата-бабалары Мысырдан шыққан күннен усы күнге дейин Мениң ғәзебимди келтирди“».
16
Менашше Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, яҳудалыларға ислеткен гүнасына қоса, жүдә көп айыпсыз қан төгип, Ерусалимди басынан аяғына шекем қанға батырды.
17
Менашшениң басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм ол ислеген гүналар ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
18
Менашше өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм сарайдың Узза деп аталатуғын бағына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
19
Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. Анасының аты Мешуллемет болып, ол иотбалы Харустың қызы еди.
20
Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
21
Ол әкесиниң жолынан жүрди, әкеси табынған бутларға хызмет етип, оларға табынды.
22
Амон ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етти, Оның жолынан жүрмеди.
23
Патша Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
24
Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
25
Амон ислеген басқа ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
26
Амон Узза бағындағы өз қәбирине жерленди. Оның орнына улы Иошия патша болды.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25