bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 7
2 Kings 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 8 →
1
Элиша буған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! Жаратқан Ийе былай дейди: «Ертең усы ўақытта Самария дәрўазасындағы базарда бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылады».
2
Сонда патша сүйенип жүретуғын әскербасы Қудайдың адамына: – Егер Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, булай бола қоймас, – деди. Элиша оған: – Сен ҳәммесин өз көзиң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди, – деди.
3
Қала дәрўазасының сыртында жаман тери кеселлигине шалынған төрт адам бар еди. Олар бир-бирине: «Өлимимизди күтип бул жерде отыра берип не қыламыз?
4
Қалаға кирейик десек, ол жерде ашлық болып атыр, ашлықтан өлемиз. Ал бул жерде отыра берсек те, өлемиз. Жақсысы, арамлылардың ордасына барайық. Егер өлтирмесе, тири қалармыз, өлтирсе өлип кетермиз», – деди.
5
Олар арамлылардың ордасына барыў ушын таң қараңғысында турып, орданың шетине келсе, ол жерде бирде бир адам жоқ екен.
6
Себеби Ийемиз Арам ордасына саўаш арбаларының тақыр-туқырлысын, атлардың киснеўин ҳәм көп әскерлердиң шаўқым-сүренин еситтирген еди. Сонда арамлылар бир-бирине: «Израил патшасы бизлерге ҳүжим жасаў ушын Хет ҳәм Мысыр патшаларын жаллап алған қусайды», – дести.
7
Олар таң қараңғысында шатырларын, атларын, ешеклерин яғный пүткил ордасын таслап, бас саўғалап қашып кеткен еди.
8
Жаман тери кеселлигине шалынған адамлар орданың шетине келди ҳәм бир шатырға кирип, ишип-жеди. Ол жерден гүмис, алтын ҳәм кийимлер алып, оларды жасырып қайтты. Кейин қайтып келип, басқа шатырға кирди ҳәм ол жерден алғанларын да апарып жасырып қойды.
9
Соңынан бир-бирине: «Бизлердиң бул исимиз дурыс емес. Бүгин қуўанышлы хабарлар күни. Егер бизлер айтыўға асықпай, ертең күн шыққанға дейин күтсек, онда жазаға тартыламыз. Жүриң, патша сарайына барып, хабар берейик», – деди.
10
Солай етип, олар келип, қала дәрўазасының қараўылларын шақырып, оларға былай деди: – Бизлер арамлылардың ордасына барып едик. Ол жерде бирде бир адам жоқ, адамның даўысы да еситилмейди. Тек байланған атлар менен ешеклер ҳәм қалай болған болса солай қалған шатырлар бар екен.
11
Дәрўаза қараўыллары жар салып, хабарды патша сарайына жеткизди.
12
Патша түн ортасында төсегинен турып, хызметшилерине: – Арамлылардың қандай жоба дүзип атырғанын сизлерге айтып қояйын: олар бизлердиң ашаршылықты бастан кеширип атырғанымызды биледи. Олар: «Израиллылар қаладан шыққанда, оларды тирилей қолға түсирип, қалаға кирип аламыз», – деп ойлап, атызларға жасырыныў ушын, шатырларын таслап кеткен, – деди.
13
Сонда хызметшилеринен бири патшаға: – Қалада қалған бес атты алып, жағдайды билип келиў ушын бир неше адам жиберейик. Ол жерге барғанлар да, қалада қалғанлар да бәри бир өледи, – деди.
14
Олар ҳәр бирине жуп аттан жегилген еки саўаш арбасын алды. Патша: «Барып, көриңлер», – деп оларды арам әскерлериниң изинен жиберди.
15
Олар арамлылардың изи менен Иордан дәрьясына дейин барды. Пүткил жол бойы арамлылардың асығып қашып баратырып ылақтырып кеткен кийим ҳәм затларына толы еди. Жиберилген адамлар қайтып келип, жағдайды патшаға жеткизди.
16
Сонда халық қаладан шығып, Арам ордасын талан-тараж қылды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша, бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылды.
17
Патша өзи сүйенип жүретуғын әскербасыны дәрўаза аўзына қойған еди. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди. Патша Қудайдың адамының алдына барғанда, ол патшаға усылай болатуғынын айтқан еди.
18
Ҳәммеси Қудайдың адамының патшаға айтқанындай болды. Ол патшаға: «Ертең усы ўақытларда Самария дәрўазасындағы базардың алдында еки сеа арпа да, бир сеа сапалы ун да бир шекелге сатылады», – дегенде,
19
усы әскербасы Қудайдың адамына: «Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, бундай бола қоймас», – деп жуўап берген еди. Сонда Элиша оған: «Сен буны өз көзлериң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди», – деген еди.
20
Солай болды да. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25