bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 14
2 Kings 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 15 →
1
Израил патшасы Еҳоахаздың улы Еҳоаштың патшалығының екинши жылында Яҳуда патшасы Иоаштың улы Амасия Яҳуда тахтына отырды.
2
Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди.
3
Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, бабасы Даўытқа уқсамады. Ал ҳәр бир исте ол әкеси Иоаштан өрнек алды.
4
Бирақ сыйыныў орынлары жоқ қылынбады ҳәм халық еле сол орынларда қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
5
Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди.
6
Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, жынаятшылардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
7
Амасия Дуз ойпатлығында он мың эдомлыны өлтирип, Села қаласын басып алды ҳәм оған Иоқтеел деп ат қойды. Бул қала ҳәзир де сол ат пенен аталады.
8
Кейин Амасия Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
9
Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти.
10
Сен эдомлыларды жеңдиң, сонлықтан көкирегиң әласпанда. Усы жеңисиңди жуўып, үйиңде отыр. Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
11
Деген менен, Амасия қулақ аспады. Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди.
12
Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты.
13
Израил патшасы Еҳоаш Ахазияның ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алды. Соңынан Ерусалимге келип, қала дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады.
14
Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы қазнадан табылған ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме затларды, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып Самарияға қайтып кетти.
15
Еҳоаштың басқа ислери, оның қаҳарманлықлары ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен қалай урысқаны Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
16
Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияға, Израил патшаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Яробам патша болды.
17
Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди.
18
Амасияның басқа ислери Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
19
Ерусалимде Амасияға қарсы тил бириктирилгенликтен, ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти.
20
Олар Амасияның денесин атқа артып, Ерусалимге алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.
21
Яҳуда халқы он алты жасар Азарияны әкеси Амасияның орнына патша етип қойды.
22
Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Азария Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурды.
23
Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасияның патшалығының он бесинши жылында, Еҳоаш улы Яробам Самарияда Израилға патша болды ҳәм қырық бир жыл патшалық етти.
24
Яробам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан ўаз кешпеди.
25
Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Өз қулы гат-хеферли пайғамбар Амиттай улы Юнус арқалы айтқан сөзлери бойынша, Яробам Лебо-Хаматтан Өли теңизге шекемги Израил жерлерин қайта тикледи.
26
Себеби Жаратқан Ийе Израил халқы тартып атырған күшли азапты көрди. Қул да, азат адам да, ҳәммеси азап ишинде болып, оларға жәрдем бергендей ҳеш ким жоқ еди.
27
Жаратқан Ийе Израилдың атын жер бетинен жоқ қылып жибериўди қәлемегенликтен, Еҳоаш улы Яробам арқалы оларды қутқарды.
28
Яробамның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның қаҳарманлықлары, қалай урысқанлары ҳәм Яҳудаға тийисли болған Дамаск пенен Хаматты Израилға қалай қайтарып алғаны ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
29
Яробам өлип, ата-бабалары болған Израил патшаларына қосылды. Оның орнына улы Зехария патша болды.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25