bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 25
2 Kings 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
1
Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың айналасына қамал минараларын қурды.
2
Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин қала қамалда болды.
3
Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды.
4
Сол ўақытта қала дийўалының бир жери бузылды. Бабилония әскерлериниң қаланы қамал қылып турғанына қарамастан, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5
Бирақ калдей әскерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Ҳәмме әскерлер патша Седекияны таслап, қашып кетти.
6
Патшаны тутқынға алып, оны Риблаға, Бабилония патшасына апарды ҳәм сол жерде оған ҳүким шығарылды.
7
Бабилонлылар Седекияның көз алдында улларын баўызлады, ал өзиниң көзлерин ойып алды. Соңынан кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
8
Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының жетинши күни Бабилония патшасының хызметшиси, сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди.
9
Ол Жаратқан Ийениң Үйине, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесине от берип, пүткил зәўлим жайларды өртеп жиберди.
10
Сақшылар баслығы менен бирге келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатып таслады.
11
Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалғанларды, Бабилония патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм басқа әпиўайы халықты сүргин етти.
12
Жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын, Набузарадан үлкедеги жарлы халықтың бир қаншасын сол жерде қалдырды.
13
Калдейлер Жаратқан Ийениң Үйиндеги қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонияға алып кетти.
14
Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын шоқ салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти.
15
Сақшылар баслығы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, шоқ салынатуғын ыдысларды ҳәм қан себетуғын табақларды алып кетти.
16
Жаратқан Ийениң Үйи ушын Сулайман ислеткен еки өре, ҳәўиз ҳәм түбелдириклер ушын кеткен қоланың есабы жоқ еди.
17
Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ болып, үстинде қоладан исленген төбелик бар еди. Ҳәр бир төбеликтиң бийиклиги үш шығанақ болып, айланасы қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди.
18
Сақшылар баслығы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы қадағалаўшы үш руўханийди тутқынға алды.
19
Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған сәркәрданы, қаладан табылған патшаның бес ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм ел турғынларынан алпыс адамды тутқынға алды.
20
Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилония патшасына алып барды.
21
Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтиртти. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин етилди.
22
Бабилония патшасы Набуходоносор Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны Яҳудада қалған халық үстинен ҳәким етип тайынлады.
23
Ҳәмме әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Гедалияны ҳәким етип қойғанын еситкенде, Миспа қаласына, Гедалияның жанына келди. Келгенлер Нетания улы Исмайыл, Қареах улы Юханан, нетофалы Танхумет улы Серая, маахалының улы Язания ҳәм олардың адамлары еди.
24
Гедалия оларға ҳәм олардың адамларына ант ишип: – Бабилонлы хызметкерлердиң қол астында болыўдан қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң. Сонда сизлер ушын жақсы болады, – деди.
25
Бирақ усы жылдың жетинши айында патша нәсилинен болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспаға барып, Гедалияны өлтирди. Олар Миспада Гедалияның жанында болған Яҳуда халқын да калдейлилер менен бирге қылыштан өткерди.
26
Сонда кишкенесинен үлкенине дейин пүткил халық калдейлилерден қорққанынан әскербасылар менен бирге Мысырға қашты.
27
Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинди қамақханадан шығарды.
28
Патша Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оған Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан жоқарырақ болған мәртебе берди.
29
Солай етип, Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқат жеди.
30
Оның күнделикли керек-жарағы өмириниң ақырына шекем патша тәрепинен берилди.
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25