bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Kings 20
2 Kings 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 21 →
1
Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең».
2
Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип:
3
– О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр! – деди ҳәм өксип-өксип жылады.
4
Ийшая еле сарайдың ортанғы ҳәўлисинен шығып кетпей атырып, оған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5
– Изиңе қайтып, Мениң халқымның ҳүкимдары Хизкияға мына хабарды жеткиз: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Мине, Мен сени шыпалайман. Сен үшинши күни Жаратқан Ийениң Үйине барасаң.
6
Өмириңди он бес жылға узайтаман. Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқараман. Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғайман».
7
Ийшая патшаның адамларына: – Кептирип нығызланған әнжир алып келиңлер, – деди. Оны әкелип, жараға қойғанда, ол саўалып кетти.
8
Хизкия Ийшаядан: – Жаратқан Ийениң мени саўалтатуғынын ҳәм үшинши күни Жаратқан Ийениң Үйине баратуғынымды қандай белги арқалы билемен? – деп сорады.
9
Ийшая оған: – Жаратқан Ийениң Өз сөзин орынлайтуғынын билдиретуғын белги мынаў: текшеге түсип турған сая он адым алдыға жылжысын ба ямаса он адым артқа жылжысын ба? – деди.
10
Хизкия Ийшаяға: – Саяның алдыға он адым жылжыўы аңсат. Сая он адым артқа жылжысын, – деди.
11
Ийшая пайғамбар Жаратқан Ийеге жалбарынды. Сонда Жаратқан Ийе патша Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытты.
12
Сол арада Хизкияның аўырып қалғанын еситкен Бабилония патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди.
13
Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.
14
Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған: – Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған: – Олар узақ елден, Бабилониядан келген, – деп жуўап берди.
15
Ийшая: – Олар сарайыңызда нелерди көрди? – деп сорады. Хизкия: – Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди.
16
Сонда Ийшая Хизкияға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин еситиң:
17
«Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе.
18
– Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилония патшасының сарайында хызметши болады».
19
Хизкия Ийшаяға: – Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.
20
Хизкияның басқа ислери, барлық қаҳарманлықлары, ол қурғызған ҳәўиз, суў өткеллери ҳәм қалаға қалай суў апарғанлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
21
Хизкия өлип, ата-бабаларына қосылды. Оның орнына улы Менашше патша болды.
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25