bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 18
Deuteronomy 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 19 →
1
«Лебийли руўханийлер пүткил Лебий урыўы менен бирге басқа израиллылар сыяқлы үлес те, мүлик те алмайды. Оларға тийисетуғын үлес Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлар болып, олар солардан жейди.
2
Туўысқанлары арасында олардың мүлки болмайды. Жаратқан Ийениң лебийлилерге ўәде бергениндей, Оның Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.
3
Мал ямаса қой қурбанлық етилгенде, руўханийлерге тийисли пай мыналардан ибарат: малдың алдынғы сан жилиги, жағы ҳәм асқазаны.
4
Дәниңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың биринши өнимин ҳәм қойларыңыздың биринши қырқылған жүнлерин руўханийге бериң.
5
Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Лебий урыўы Өзиниң алдында турып, Жаратқан Ийениң аты менен мәңги хызмет етиўи ушын, оларды пүткил урыўларыңыздың ишинен таңлап алды.
6
Егер бир лебийли Израилдағы өзи жасап атырған қаладан Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине өз қәлеўи менен барса,
7
сол жерде Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип атырған лебийли туўысқанлары сыяқлы ол да Қудайы Жаратқан Ийениң аты менен хызмет етиўине болады.
8
Ол ата-бабаларының мийрасынан қалған затты сатып, өз пайдасына алған болса да, басқа лебийлилер менен бирдей өзине тийисли үлесин алыўы керек».
9
«Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жерине киргениңизде, ол жердеги халықлардың жеркенишли ислерин үйренбеңлер.
10
Сизлердиң араңызда өз улын ямаса қызын отта қурбанлық қылатуғын, пал ашатуғын, адамның келешегин болжайтуғын, белгилерди жорыйтуғын, сыйқыршылық қылатуғын,
11
зикир салатуғын, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын ямаса өлилер менен тиллесип, мәсләҳәт алатуғын бирде бир адам болмасын.
12
Себеби Жаратқан Ийе сондай ислейтуғынлардан жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе усындай жеркенишли ислери себепли сол халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарып атыр.
13
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында минсиз болыңлар».
14
«Сизлер елин алып атырған сол халықлар болжаўшылар менен палкерлердиң үгит-нәсиятына қулақ салады. Бирақ Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң булай ислеўиңизге рухсат бермейди.
15
Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер ушын араңыздан, өз туўысқанларыңыздан мен сыяқлы бир пайғамбар шығарады. Оған қулақ салыңлар.
16
Сизлер Хореб таўында жыйналған күни Қудайыңыз Жаратқан Ийеден өзлериңиз мынадай деп тилеген едиңиз: „Қудайымыз Жаратқан Ийениң даўысын екинши мәрте еситпейик, сол уллы отты да басқа көрмейик, болмаса өлип қаламыз“.
17
Сонда Жаратқан Ийе маған былай деди: „Олардың айтқанлары дурыс.
18
Олар ушын өзлериниң арасынан сен сыяқлы бир пайғамбар шығараман. Мен оның аўзына Өз сөзлеримди саламан ҳәм ол Мен айт деп буйырғанларымның ҳәммесин оларға жеткереди.
19
Ол Мениң атымнан сөйлейди, оған қулақ салмаған адамды Мен Өзим жуўапкершиликке тартаман.
20
Бирақ бир пайғамбар Мен буйырмаған сөзди Мениң атымнан сөйлеўге жүрексинсе ямаса басқа қудайлардың атынан сөйлесе, ол өлиўи тийис“.
21
Сизлер: „Жаратқан Ийениң айтқанын ямаса айтпағанын қаяқтан билемиз?“ – деп ойлаўыңыз мүмкин.
22
Егер де бир пайғамбар Жаратқан Ийениң атынан сөйлесе, бирақ айтқан сөзлери орынланбаса ямаса әмелге аспаса, онда сол сөзди Жаратқан Ийе айтпаған болады. Пайғамбар өз атынан сөйлеген, оннан қорқпаңлар».
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34