bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 25
Deuteronomy 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 26 →
1
«Еки адамның арасында жәнжел шықса, олар қазылардың алдына барсын. Қазылар сол еки адамның арасындағы даўды қарап шықсын ҳәм айыпсызды ақлап, ал айыплы адамды жазаға тартсын.
2
Егер де айыплы адам сабаўға ылайықлы болса, қазы оны жерге жатқарсын ҳәм өзиниң көз алдында айыбына жараса сабатсын.
3
Айыплы адам қырықтан артық сабалмасын. Егер қырықтан асып кетсе, онда туўысқаныңыз сизлердиң көз алдыңызда хорланып қалады.
4
Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын байлап қоймаңлар.
5
Егер бирге жасап атырған ағалы-инилилердиң бири перзентсиз қайтыс болса, марҳумның ҳаялы жат адамға турмысқа шықпасын. Марҳумның туўысқаны жесир қалған ҳаялға үйленсин ҳәм өзиниң қәйинлик ямаса қайнағалық ўазыйпасын орынласын.
6
Сол ҳаял туўған туңғыш ул марҳумның атын даўам етсин. Солай етип, марҳумның аты Израил халқынан өшип кетпейди.
7
Бирақ сол адам марҳум ағасының ямаса инисиниң жесир қалған ҳаялына үйлениўден бас тартса, жесир ҳаял қала дәрўазасына барып, ақсақалларға былай деп айтсын: „Марҳум күйеўимниң туўысқаны оның атын Израил халқының арасында даўам еттириўди қәлемей, өз ўазыйпасын орынлаўдан бас тартып атыр“.
8
Сонда қаланың ақсақаллары сол адамды шақырып алып, оның менен сөйлессин. Егер ол адам: „Оған үйлениўди қәлемеймен“, – деп турып алса,
9
жесир ҳаял марҳум күйеўиниң туўысқанының қасына келсин. Ҳаял қала ақсақалларының көз алдында оның бир аяқ кийимин шешип алып, жүзине түкирип: „Туўысқанының әўладын тиклеўди қәлемеген адамға усындай исленеди“, – деп айтсын.
10
Усыдан кейин, сол адамның әўлады Израилда „Аяқ кийими шешилген“, деп аталатуғын болады».
11
«Еки адам бир-бири менен төбелесип атырғанда, биреўиниң ҳаялы келип, урып атырған адамнан күйеўин айырып алыў ушын, сол адамның жынысый ағзасынан усласа,
12
онда ҳаялдың қолын шаўып таслаңлар. Оны аяп отырмаңлар.
13
Дорбаңызда биреўи аўыр, екиншиси жеңил еки түрли тәрези таслар болмасын.
14
Үйиңизде биреўи үлкен, екиншиси кишкене сыйымлылық өлшейтуғын ыдыслар болмасын.
15
Тәрези тасларыңыз да, сыйымлылық өлшейтуғын ыдысларыңыз да ҳадал ҳәм дурыс болсын. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берип атырған жеринде өмириңиз узақ болады.
16
Қудайыңыз Жаратқан Ийе сондай наҳақлық қылатуғынлардан жеркенеди.
17
Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин амалек халқының сизлерге не ислегенин умытпаңлар.
18
Сизлер жолдан шаршап, ҳәлсизленип қалғаныңызда, олар Қудайдан қорқпай сизлерге ҳүжим қылып, артыңызда қалған барлық ҳәлсирегенлерди өлтирген еди.
19
Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде әтирапыңыздағы барлық душпанларыңызды жеңип, тынышлыққа ерискениңизде, амалек халқын жоқ қылып, олардың атын жер жүзинен өширип таслаңлар. Буны умытпаңлар!»
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 26 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34