bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 27
Deuteronomy 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 28 →
1
Муўса менен Израилдың ақсақаллары халыққа былай деп буйырды: «Бүгин мен сизлерге берген буйрықларға әмел қылыңлар.
2
Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған елге кириў ушын Иордан дәрьясынан кесип өткениңизден кейин, үлкен тасларды орналастырып, оларды ҳәклеп шығыңлар.
3
Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге берген ўәдеси бойынша, Ол сизлерге беретуғын сүт ҳәм пал ағып турған жерге киргениңизде, бул нызамдағы барлық сөзлерди сол тасларға жазыңлар.
4
Иордан дәрьясынан кесип өткеннен кейин, бүгин сизлерге буйырғанымдай, тасларды Эбал таўына орнатып, оларды ҳәклеп шығыңлар.
5
Ол жерде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап басқа таслардан бир қурбанлық орын қурыңлар. Қурбанлық орын соғылатуғын тасларға темир әсбап тийгизбеңлер.
6
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сол қурбанлық орнын жонылмаған таслардан қурыңлар. Қурбанлық орынның үстинде Қудайыңыз Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныңлар.
7
Татыўлық қурбанлықларын да сол жерде шалып, жеңлер ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар.
8
Сол орнатылған тасларға нызамның барлық сөзлерин түсиникли етип жазып шығыңлар».
9
Соннан кейин, Муўса менен лебийли руўханийлер пүткил израиллыларға: «Ҳәй, Израил, үнсизлик сақлап, қулақ салыңлар! Бүгин Қудайыңыз Жаратқан Ийениң халқы болдыңыз.
10
Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салыңлар, бүгин мен сизлерге берип атырған Оның буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар», – деди.
11
Сол күни Муўса халыққа былай деп буйырды:
12
«Иордан дәрьясынан өткениңизден кейин, халыққа айтылатуғын жарылқаўды тастыйықлаў ушын, Гериззим таўында мына урыўлар турсын: Шимон, Лебий, Яҳуда, Иссахар, Юсуп ҳәм Бенямин.
13
Ал айтылатуғын нәлетлерди тастыйықлаў ушын, мына урыўлар Эбал таўында турсын: Рубен, Гад, Ашер, Зебулон, Дан ҳәм Нафталий.
14
Лебийлилер пүткил Израил халқына бәлент даўыс пенен былай деп айтсын:
15
„Жаратқан Ийеге жеркенишли болған ойма ямаса қуйма бутты өнерментке ислетип, оны жасырын түрде орнатқан адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
16
„Ата-анасына ҳүрметсизлик қылған нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
17
„Өз қоңсысының жер шегарасын жылыстырған адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
18
„Соқыр адамды жолдан адастырған адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
19
„Келгинди ҳәм жетим-жесирлер ҳүким етилгенде, олардың ҳуқықын аяқ асты қылған адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
20
„Әкесин шерменде қылып, оның ҳаялы менен жатқан адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
21
„Қандай да бир ҳайўан менен жынысый қатнас ислеген адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
22
„Анасынан ямаса әкесинен туўылған әжапасы яки қарындасы менен жатқан адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
23
„Қәйин енеси менен жатқан адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
24
„Биреўди жасырын түрде өлтирген адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
25
„Айыпсыз биреўди өлтириў ушын, пара алған адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын.
26
„Усы нызамға әмел қылмай, буларды орынламаған адам нәлетий болсын!“ Пүткил халық: „Аўмийин!“ – деп айтсын».
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 28 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34