bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 24
Deuteronomy 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 25 →
1
«Егер де бир адам үйленип, кейин ала ҳаялынан шерменделик бир нәрсе таўып, оны унатпай қалса, ҳаялына талақ хат жазып берип, оны үйинен шығарып жибериўи мүмкин.
2
Ҳаял күйеўиниң үйинен кеткеннен кейин, басқа биреўге турмысқа шықса,
3
екинши күйеўи де оны унатпай қалып, ол да оған талақ хат жазып берип, үйинен шығарып жиберсе ямаса сол екинши күйеўи өлип қалса,
4
ажырасқан биринши күйеўи ҳаялға қайтадан үйлениўине болмайды. Себеби ҳаял ҳарамланған. Егер үйленсе, буннан Жаратқан Ийе жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди гүнаға батырмаңлар.
5
Жақында үйленген адам урысқа бармасын, оған ҳәр түрли ўазыйпалар берилмесин. Ол бир жыл даўамында үйинде болып, ҳаялын бахытлы қылсын.
6
Ҳеш ким кепиллик сыпатында дигирманды ямаса дигирманның үстиндеги тасты да алмасын. Бундай ис қылыў адамның жанын кепилликке алған менен барабар болады.
7
Егер биреўдиң израиллы туўысқанларынан бирин урлап, оған қул сыпатында қарап, зулымлық қылғаны ямаса оны қул қылып сатып жибергени мәлим болса, онда бундай уры адам өлтирилсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
8
Жаман тери кеселлиги мәселесинде, лебийли руўханийлердиң сизлерге үйрететуғынларының ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Мениң лебийлилерге берген буйрықларыма әмел қылыңлар.
9
Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин, жолда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мәриямға не қылғанын есиңизде сақлаңлар.
10
Израиллы туўысқаныңыздың биреўине бир нәрсени қарызға бергениңизде, кепилликке зат алыў ушын, оның үйине кирмеңлер.
11
Сыртта күтип турыңлар. Ол адам кепилликке беретуғын затын өзи сыртқа алып шықсын.
12
Егер ол кәмбағал адам болса, оның кепилликке берген кийимин түн бойы өзиңизде қалдырмаңлар.
13
Оннан алған кийимди қуяш батар ўақытта қайтарып бериңлер. Ол өз кийимин кийип уйықлап, сизге ақ пәтия береди. Усылай ислеп, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында дурыс ис қылған боласыз.
14
Кәмбағал ҳәм мүтәжликте жасап атырған жалланба жумысшының ис ҳақысын услап қалмаңлар. Ол израиллы болсын, қалаңыздың биринде жасап атырған келгинди адам болсын, ондай қылмаңлар.
15
Оның ис ҳақысын ҳәр күни қуяш батпастан алдын бериңлер. Себеби ол кәмбағал болғаны ушын, тиришилиги усыдан ибарат. Болмаса, ол адам сизлерге қарсы Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзиңизге гүна арттырып аласыз.
16
Балаларының гүнасы ушын әкелер, әкелериниң гүнасы ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин.
17
Келгинди адамлардың ҳәм жетимлердиң ҳуқықын аяқ асты қылмаңлар. Жесир ҳаялдың кийимин кепилликке алмаңлар.
18
Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди сол жерден азат еткенин есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман.
19
Атызыңыздағы егинди орғаныңызда, орылған бир баўды умытып қалдырған болсаңыз, оны алыў ушын кейниңизге қайтпаңлар. Оны келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.
20
Зәйтүн ағашларыңыздың мийўелерин қағып алғаныңыздан кейин, шақаларда қалып қойғанларды және терип алыў ушын бармаңлар. Оларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар.
21
Және де, жүзимзарыңыздың мийўелерин тергениңизде де, шақаларында қалып кеткен жүзимлерди қайтадан терип алмаңлар. Буларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар.
22
Мысырда қул болғаныңызды есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман».
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34