bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Deuteronomy 6
Deuteronomy 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 7 →
1
«Булар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге үйретиў ушын маған берген буйрықлары, қағыйдалары ҳәм нызамлары. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратырған елде оларға әмел қылың.
2
Мен сизлерге берип атырған барлық қағыйда ҳәм буйрықларға өзлериңиз, балаларыңыз ҳәм балаларыңыздың балалары да әмел қылып, өмириңиздиң ақырына дейин Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып жасаң. Сонда өмириңиз узақ болады.
3
Ҳәй, Израил халқы қулақ салың! Буларды муқыятлы түрде орынлаң. Сонда ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай сүт ҳәм пал ағып турған жерде өсип-өнип көбейесиз ҳәм абадан турмыс кеширесиз.
4
Қулақ сал, Израил! Жаратқан Ийе – бизлердиң Қудайымыз, тәнҳа Жаратқан Ийе.
5
Қудайыңыз Жаратқан Ийени шын жүрегиңиз, жан-тәниңиз ҳәм бар күшиңиз бенен сүйиң.
6
Бүгин мен сизлерге берип атырған бул буйрықларды жүрек төриңизде сақлаң.
7
Буларды балаларыңызға да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар туўралы айтып бериң.
8
Буларды белги қылып, қолларыңызға байлап қойың, маңлайыңызға нышан сыпатында тағып қойың.
9
Үйиңиздеги есиктиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың».
10
«Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз болған Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерге сизлерди алып киреди. Ол сизлерге өзлериңиз қурмаған үлкен ҳәм жақсы қалаларды,
11
өзлериңиз жыйнамаған жақсы мал-мүликлерге толы үйлерди, өзлериңиз мийнет етип қазбаған суў сақлағышларды, өзлериңиз екпеген жүзимзарларды ҳәм зәйтүн бағларын береди. Ол жерде ишип-жеп тоясызлар.
12
Сол ўақытта абайлы болыңлар! Сизлерди Мысырдағы қуллықтан алып шыққан Жаратқан Ийени умытпаңлар.
13
Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Тек ғана Оған хызмет етип, Оның аты менен ант ишиңлер.
14
Басқа қудайларға, дөгерегиңиздеги халықлардың қудайларына ермеңлер.
15
Себеби араңызда болатуғын Қудайыңыз Жаратқан Ийе қызғаныўшы Қудайдур. Егер Ол ғәзепленсе, сизлерди жер жүзинен жоқ қылып жибереди.
16
Массада ислегениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сынамаңлар.
17
Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын, сизлерге берген тәртип ҳәм қағыйдаларын биреўин де қалдырмай орынлаңлар.
18
Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс ҳәм жақсы болған ислерди ислеңлер. Сонда сизлер абадан турмыс кеширесиз, Ол ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жақсы жерди мүлик етип аласыз.
19
Жаратқан Ийениң Өзи айтқанындай, Ол сизлердиң барлық душпанларыңызды ол жерден қуўып шығарады.
20
Егер де келешекте балаларыңыз сизлерден: „Қудайымыз Жаратқан Ийе усы тәртиплерди, қағыйдаларды ҳәм нызамларды сизлерге не себептен берди?“ – деп сораса,
21
оларға былай деп айтыңлар: „Бизлер Мысырда фараонның қулы едик. Жаратқан Ийе бизлерди күшли қолы менен ол жерден алып шықты.
22
Ол бизлердиң көз алдымызда Мысырға, фараонға ҳәм олардың шаңарақларына қарсы уллы, қорқынышлы кәраматлар ҳәм белгилер көрсетти.
23
Ол ата-бабаларымызға ант ишип, ўәде қылған жерге бизлерди алып келиў ушын ҳәм ол жерди бизлерге бериў ушын бизлерди Мысырдан алып шықты.
24
Бизлердиң бәрҳа бахытлы өмир сүриўимиз ҳәм бүгингидей тири жүриўимиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе усы қағыйдалардың ҳәммесине әмел қылып, Оннан қорқыўымызды буйырды.
25
Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында усы буйрықларды муқыятлы түрде орынласақ, бизлер ҳақ боламыз“».
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34